Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы “Қарақалпақстан” темир жол шегара бажыхана посты хызметкерлери тәрепинен республикамыздың аймағына пневматикалық қурал-жарақлардың кирип келиўиниң алды алынды.

Әмелдеги нызамшылыққа муўапық, оқатар қураллары, оқ дәрилер, пневматикалық, сигнал бериўши, өзин-өзи қорғаўшы қуралларды тийисли лицензияларсыз ямаса рухсатнамаларсыз алып кириў, реализациялаў, Өзбекстан Республикасының аймағына  алып кириў ямаса оннан алып шығыў, сондай-ақ,  мәмлекетимиздиң аймағы арқалы  транзит алып өтиўге жынайый ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген.

“Қарақалпақстан” станциясында “Волгоград-Ташкент” жөнелисиндеги жолаўшы поездының 10-санлы вагоны бажыхана тексериўинен өткерилгенде, онда жолаўшы болып киятырған пуқараның жанында бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында айтылмаған  ҳәм жолаўшы бажыхана  декларациясында жазып көрсетилмеген, тийисли рухсатнамасы болмаған 1 дана МР-512С сal 4.5 mm жазыўлы пневматикалық винтовка, 87 дана пневматикалық қорғасын оқ ҳәм 1 дана G.25A жазыўлы пневматикалық пистолетти Россия Федерациясынан мәмлекетимиздиң аймағына нызамсыз алып кирмекши болғанлығы анықланды.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў ислери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниңқ шолыўшысы