Нөкис қаласында “SOF POLYMER” жуўапкершилиги шекленген жәмийети  жумыс баслады.

Бүгинги күнде халқымызға сапалы ишимлик суўын жеткерип бериў, соның менен бирге, аўыл хожалығы егислик майданларына суў ресурсларын үнемлеўши үскенелер арқалы суў жеткерип берилиўин тәмийинлеўде суў қубырларының тутқан орны әҳмийетли есапланады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев жаңадан жумыс баслаған кәрхананың жумыслары менен танысып, санаат өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, бул арқалы жаңа жумыс орынларын жаратыў күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири екенлигин атап өтти.





Қарақалпақстан хабар агентлиги