Ҳәзирги ўақытта Республика аймағында ҳаўа райы кескин төменлеп, аномал жағдай жүзеге келмекте. Усының нәтийжесинде тутыныўшылар тәрепинен тәбийғый газге болған талап артқанлығы себепли, магистрал газ тармақларында газ басымы ҳәдден тыс төменлеп кетпекте. «Худудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы тәрепинен тутыныўшыларды жетерли дәрежеде тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мақсетинде барлық илажлар алып барылмақта. Жеке хожалықларды ҳәмде емлеўханаларды жетерли дәрежеде тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мақсетинде “Узтрансгаз” кәрханасының 2023-жыл 12-январдағы №6 санлы факсограммасына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық түрдеги халыққа хызмет көрсетиўши исбилерменлик субъектлери, автомобиллерге газ қуйыў компрессор шақапшаларына тәбийғый газ жеткерип бериў ўақытша тоқтатылатуғынлығын мәлимлеймиз.
Ҳүрметли пуқаралар! Сизлерден усы жоқарыдағы жағдайларды дурыс түсинген ҳалда тәбийғый газден үнемлеп пайдаланыўға шакырып каламыз, дейди «Худудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы мәлимлеме хызмети.
Қарақалпақстан хабар агентлиги