Усы жыл 11-январь күни Нөкис қаласындағы Қумбыз аўыл мәкан пуқаралар жыйынында Миллий гвардия хызметкерлери ушын арнап қурылған көп қабатлы жаңа турақ жайдың ашылыў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жыйналғанларды Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының 30 хызметкерине жаңа турақ жайдың гилтлерин тапсырды.



Атап өтилгениндей, соңғы жыллары әскерий хызметкерлерди ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, заманагөй инфраструктураны қәлиплестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Елимиз тынышлығын қорғаў, шегараларымыздың қол-қатылмаслығын тәмийинлеўде әскерий хызметкерлердиң атқаратуғын хызмети айрықша. Тынышлық сақшыларын қоллап-қуўатлаў бағдарында жеңиллетилген ипотека кредитлери тийкарында қурып питкерилген турақ жайлардың басланғыш төлемлери мәмлекетимиз тәрепинен төлеп берилди. Бул әскерий хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслардың әмелий көриниси есапланады.

Илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайда жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.




Қарақалпақстан хабар агентлиги