Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы уйымларында 2022-жылдың январь-декабрь айлары даўамында қәўипти басқарыў автоматластырылған системасы тәрепинен жәми 18455 бажыхана жүк декларациялары рәсмийлестирилген.

– Соннан, «жасыл коридор» арқалы 11110, «сары коридор» арқалы 5404, «қызыл коридор»  арқалы 1941 декларация рәсмийлестирилди,-дейди басқарма баслығы И.Казаков. – Яғный, бажыхана тараўына алдынғы инновациялық бағдарламалардың енгизилиўи нәтийжесинде басқарма қурамындағы сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постлары арқалы бажыхана қадағалаўына усыныс етилген «жасыл коридор»ға жиберилген товарлардың 60,2 процентине бажыхана рәсмийлестирилиўи әмелге асырылмады. Соның нәтийжесинде ҳадал исбилерменлик субъектлери қоллап-қуўатланып, товарлардың өз мәнзилине тез ўақыттың ишинде жеткерилиўи тәмийинленди.

2022-жыл даўамында бажыхана тараўына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўы менен байланыслы 627 ҳуқықбузарлық анықланды. Баҳасы 11 миллиард 177 миллион сумлық товар-материаллық байлықлар айғақлы зат  ретинде иркип қалынды. Соннан, 28 жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылды.

Басқарма хызметкерлери тәрепинен наркотикалық қураллар, психотроп затлар, қурал-жарақ ҳәм оқ дәрилердиң нызамсыз айланысына қарсы гүресиў бағдарында да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 2022-жыл даўамында жәми 3363 грамм наркотикалық қурал, яғный, 600 грамм трамадол, 2289 грамм опий, 11,28 грамм героин, 1,92 грамм гашиш ҳәм 459,47 грамм марихуана ҳәм басқалар және 27 килограмм «сынап» элементиниң нызамсыз айланыста болыўының алды алынды.

Сондай-ақ, жыл даўамында 2674 таблетка күшли тәсир етиўши қураллар, 650 таблетка психотроп затлар анықланған болса, оқ атар суўық қураллар категориясынан 6 дана пневматикалық қураллар, 388 дана гильза ҳәм 3067 дана капсулалардың нызамсыз түрде мәмлекетимиз аймағына кирип келиўиниң алды алынды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги