Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Э. Таджиев ҳәм Бас прокуратураның басқарма баслығы М. Абдухакимов Тақыятас районындағы «Тахиатоштумангаз» газ тәмийнаты ҳәм Тақыятас районлық электр тәмийнаты бөлимлерине барып, олардың алып барып атырған жумыслары менен танысты.
Үйрениўлер барысында тутыныўшыларды тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ, электр энергиясы менен тәмийинлеў жағдайы, жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайларды өз ўақтында сапластыратуғын диспетчерлик хызметтиң таярлығы менен жақыннан танысты.
Буннан тысқары, райондағы социаллық объектлердиң қыс мәўсимин қәўипсиз өткериўи ушын жылытыў системаларының үзликсиз ислеўи ҳәм халық ушын жаратылған қолайлықлар менен де танысты.
Соның менен бирге, прокурор Э.Таджиев район орайынан алыста жайласқан елатлардың шаңарақларында да болып, оларды суйылтырылган газ ҳәм көмир менен тәмийинлеў жағдайы менен танысып, тийисли тараў басшыларына халыққа өз ўақтында сапалы хызмет көрсетиў бойынша көрсетпелер берди.
Сондай-ақ, үйрениўлер даўамында аўылларда жасайтуғын социаллық жәрдемге мүтәж бир қатар хожалықларға барып, «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде оларға азық-аўқат өнимлерин тапсырды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы