Соңғы ўақытлары Европа Парламентиндеги коррупция машқаласы сырт ел ғалаба хабар қуралларында кең түрдеги додалаўларға себеп болмақта. Коррупция менен байланыслы жағдайлар анықланып атырғаны ҳаққындағы хабарлар депутатлардың қанша мийнет ҳақы алатуғынын анықлаўға алып келди, деп айтыў мүмкин.
Ҳақыйқатында да, Европарламентте депутатлар қанша мийнет ҳақы алады?
Күни кеше парламент сайтында жәрияланған хабарға бола, депутатлар ўатанына қарамастан бирдей, яғный айына 9 мың 808 евро 67 цент мийнет ҳақысы менен тәмийинленеди. Бирақ, ҳәр қыйлы мәмлекетлерде салықлар сезилерли өзгеше болғанлығы себепли орташа мийнет ҳақы 7 мың 300 евро болып қалып атырғаны тастыйықланған.
Euronews агентлигиниң жазыўынша, депутатлар ҳәр түрдеги компенсация алыў ҳуқықына ийе. Буннан тысқары, егер депутат мәжилислерди өткерип жиберсе, бул айлық мийнет ҳақысына тәсир өткермей қоймайды.
Ҳәр бир депутаттың сапар қәрежетлери қаплап бериледи, қосымша түрде ўатанынан тысқарыда ислеп атырғанларға үстеме ҳақы бериледи, тек ғана ол жылына 4 мың 700 евродан артпаўы керек.
Және бир мағлыўмат: телефон, интернет, жумыс жүргизиў материаллары ҳәм басқа да усындай офис үскенелери ушын дерлик бирдей муғдарда қаржы ажыратылады. Брюссель ямаса Страсбург қалаларында жумыс алып барып атырған ўәкил турақ жай ушын күнлик 338 евро алады.
Сондай-ақ, 63 жасынан баслап бурынғы депутат Европа бюджетинен пенсия алыў ҳуқықына ийе: ҳәр бир толық ислеген жылы ушын айлық мийнет ҳақының 3,5 процентин алады.
Тән алыў керек, Европа регионында күн көриў аңсат емес, себеби, климат шараяты, суў ресурслары менен байланыслы аўыр мәселе болып есапланады. Сондай-ақ, бул регионда салық ставкалары ҳәм азық-аўқат баҳалары әдеўир жоқары.
Б.Худойбердиев,
ӨзА