Франция ҳүкимети 2030-жылға шекем пенсия жасына және еки жыл қосып, 64 жасқа жеткериўди режелестирип атырғанын мәлим етти. Бул ҳаққында dw.com сайты хабар берди.
Мәмлекет бас министри Элизабет Борн бул режени жәриялап, реформадан мақсет 2030-жылға шекем турақлы пенсия системасын тәмийинлеў екенин атап өткен.
Ҳүкиметтиң есап-санағына бола, сол ўақытта Франция пенсия қорында қаржы жетиспеўшилиги 20 миллиард евроны қурайды.
Пенсия жасын арттырыў менен бир қатарда, хызметкерлердиң пенсия қорына пул өткериўдиң ең аз мүддети 43 жылға шекем арттырылған. Ең аз пенсия муғдары айына бир мың еки жүз евроға жететуғыны айтылмақта.
«Казинформ» мәлим етиўинше, ҳүкиметтиң бул қарары кәсиплик аўқамлары тәрепинен қатты сынға алынған. Бундай ҳәрекет барлық француз жумысшылары ушын аўыр тәсир етеди, деп ескертиў берилген.
ӨзА