Президент Шавкат Мирзиёев көмир ҳәм уран ислеп шығарыўды кеңейтиўге қаратылған жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимиздиң экономикасы ҳәм халықтың өсиўи менен энергия қуўатлықларына талап артып бармақта. Бул талапты тәмийинлеў ушын барлық дәреклер қатарында көмир қазып алыў көлеми де кеңейтилмекте. Соңғы бес жылда бул көрсеткиш жылына 4 миллион тоннадан 5 миллион 300 мың тоннаға арттырылды.

Есап-санақлар бойынша, елимиздиң аймағында дерлик 2 миллиард тонна көмир резервлери бар. Мәмлекетимиз басшысы бул потенциалдан нәтийжели пайдаланып, көмир қазып алыў көлемин избе-из арттырыў ўазыйпасын қойған еди.

Презентацияда бул бағдарда исленип атырған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.

Атап айтқанда, усы жылы «Шарғункөмир» акционерлик жәмийетин модернизациялаў жойбары жуўмақланады. Оның есабынан елимизде жоқары сапалы көмир қазып алыў қуўатлылығы 900 мың тоннаға шекем артады.

Президентимиз «Шарғун» ҳәм «Байсын» кәнлерин өзлестириў арқалы жоқары сапалы көмир ислеп шығарыўды және де кеңейтиў имканияты бар екенлигин көрсетип өтти. Бул кәнлерге инвесторларды тартып, жаңа жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Елимиздиң таў-кән санаатының раўажланыўында және бир әҳмийетли дәрек бул – уран. 2022-жыл 14-июльде «Наўайыуран» мәмлекетлик кәрханасында уран қазып алыў ҳәм қайта ислеў көлемин арттырыў бойынша Президент қарары қабыл етилген еди. Атап айтқанда, оны қазып шығарыўды 2030-жылға шекем 2 есеге арттырып, 7,1 мың тоннаға жеткериў илажлары белгиленген.

Мәжилисте бул илажлардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды.

Францияның «Orano Mining» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлар бойынша мағлыўмат берилди. Президент бул бирге ислесиў шеңберинде уран қазып алыў ҳәм қайта ислеў нәтийжелилигин арттырыў, қосымша жаңа кәнлерди анықлаў бойынша жойбарларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА