Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Модидиң мирәт етиўине бола 12-январь күни «Глобал Қубла ҳаўазы» саммитиниң жалпы мәжилисинде қатнасады.

Ҳиндстанның басшылығында онлайн түрде өткерилетуғын илажға Бангладеш, Вьетнам, Камбоджа, Монголия, Бирлескен Араб Әмирликлери, Таиланд ҳәм басқа да еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары да қатнасады. Жәми 120 мәмлекет делегациялары мирәт етилген.

Ҳиндстанның «Үлкен жигирмалық»тағы басшылығы шеңберинде өткерилип атырған саммиттиң мақсети раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин алға қойыў ҳәм әҳмийетли машқалаларды шешиў жолында, соның ишинде экономика, экология, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, денсаўлықты сақлаў, инсан ресурсларын раўажландырыў, инновациялар, туризм ҳәм басқа да бағдарлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша пикир алысыў ҳәм анық усынысларды ислеп шығыўдан ибарат.


ӨзА