Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 30-декабрьдеги «Жаслар туризми ҳәптелиги шеӊберинде «Жаӊа жылда – Жаӊа Өзбекстан бойлап саяхат» илажын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы 298-санлы қарары тийкарында  елимизде оқыўшылардыӊ қысқы дем алыс күнлерин мазмунлы өткериў мақсетинде, 1-10-январь күнлери Жаслар ислери агентлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте «Жаслар туризми» ҳәптелиги өткерилмекте.

Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 18-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң жәмәәти де өз оқыўшылары менен пайтахтымызда жайласқан бир қатар мәдений дем алыў орынларында болып, ол жерлерде руўхый дем алды.

-Әсиресе, «Ҳәсиретли Ана» естелик комплексиндеги әскерий техникалар көргизбеси, екинши жер жүзилик урыста қаза тапқан ҳәм бийдәрек кеткен аталарымыздың атлары жазылған естелик китап, Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында қойылған спектакльлер бизлерде үлкен тәсир қалдырды,-дейди бизге мектеп оқыўшысы Айназар Шерназаров.-Соның менен бирге,  бизлер досларымыз бенен шайыр бабамыз Әжинияз Қосыбай улы естелигине зыярат етип, Игорь Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер музейиндеги пүткил дүньяға белгили экспонатлар менен таныстық. Бизлерди усындай саяхатқа алып келген муғаллимлеримизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Саяхатқа Нөкис қаласы ҳәм Шымбай районыныӊ мектеп оқыўшылары ҳәм белсенди жаслары қатнаспақты. Илаж даўамында музей бойлап экскурсиялар, өнерментлердиӊ көргизбелери ҳәм шеберлик сабақлары шөлкемлестирилмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы