Министрлер Кабинетиниң тийисли баянаты менен ЖОО, техникум, колледж, кәсип өнер мектеплери ҳәм академиялық лицейлерде оқыў процесин жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген ҳалда шөлкемлестириў усыныс етилди.

Билимлендириў мәкемелериниң басшылары ҳәм тийисли жергиликли ҳәкимликлер студент-оқыўшыларды хабардар етиў, олардың ЖОО жайласқан аймаққа жетип келиўин тәмийинлеў ҳәм бул процесслерди жеке қадағалаўға алады.

Оқыў процесин шөлкемлестириўде зәрүрлик пайда болғанда оқыў графигине өзгерис киргизиўге руқсат бериледи. 20-январьға шекем жуўмақлаўшы қадағалаў шөлкемлестирилмейди.

Ҳаўа райы шараятлары себепли оқыўға келе алмаған студентлерге тийисли аралықтан бағдарламалар усыныс етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги