«14-январь-Ўатан қорғаўшылары күни» мүнәсибети менен жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәм олардың спортқа деген қызығыўшылығын арттырыў мақсетинде, Шоманай районындағы 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде 16-30 жас аралығындағы қызлар арасында стол тенниси бойынша жарыс болып өтти.

Оған район аймағындағы ҳәр бир мәҳәлледен усы спорт түрине қызығыўшы жаслар қатнасты.

Жарыс жуўмағында 1-орынды Ақжап мәкан пуқаралар жыйынынан Айзада Тилемисова, 2-орынды Мәденият мәкан пуқаралар жыйынынан Дилназ Турдымуратова, 3-орынды Таза базар мәкан пуқаралар жыйынынан Наргиза Елтезеровалар ийелеўге еристи. Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.




Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы