Кегейли районында Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен «Өзимиз келдик» акциясы шеңберинде көшпели мәмлекетлик хызметлер шөлкемлестирилди.

Атап айтқанда, район орайынан 20 километр қашықлықта жайласқан «Қумшүңгил» аўыл пуқаралар жыйынында шөлкемлестирилген көшпели хызмет даўамында аймақ турғынларына 150 ден аслам хызметлер көрсетилип, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў ушын шахсты идентификациялаўдың Mobil-ID системасынан дизимнен өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Физикалық шахсты идентификациялаўдың Mobil-ID системасын жәриялаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, бул система физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң көлемин арттырыўға, аралықтан турып электрон мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге хызмет етеди.


Усындай акция Шоманай районы бәнтликке көмеклесиў орайында да болып, 100 ден аслам пуқараға мәмлекетлик хызметлер көрсетилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги