«Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалының Нөкис қалалық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен бүгинги күнде қаладағы жәми 74043 жеке хожалық толық түрде тәбийғый газ бенен тәмийинленген. Буннан басқа, жәми 1988 көтере тутыныўшы бар. Соның 16 сы қурылыс объекти, 21 и автомобильлерге газ толтырыў компрессор шақапшасы, 225 и халыққа хызмет көрсетиў мәкемелери (бюджет) ҳәм 1726 сы жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери болып есапланады.  

Ҳәзирги ўақытта күнниң суўық болыўына қарамастан тараў хызметкерлери тәрепинен орынларда газ басымын жақсылаў, халыққа үзликсиз түрде тәбийғый газ жеткерип бериў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

 – Бүгинги күнде Нөкис қаласында жумыс ислеп турған 820,3 километрлик газ тармақлары бар,-дейди «Ҳудудгаз Қарақалпақстан» газ тәмийнаты филиалы эксплуатация бөлиминиң баслығы Артықбай Жиемуратов. – Газ тармақларының  256,3 километрлик бөлеги жер астында, ал 564,0 километрлик бөлеги жер үстинде жайласқан.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта 936 дана ГРП жумыс ислеп турыпты. Тәбийғый газ тутыныўшыларға 2 дана газ бөлистириў станциясы арқалы жеткерип бериледи.

Газ тармақларын 2022-2023-жыллардағы гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бойынша режелер ислеп шығылып, бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, 890 дана газ бөлистириў үскенеси толық түрде тексериўден өткерилип, 85 километрлик газ тармағының шыдамлылығын ҳаўа басымы жәрдеминде тығызлыққа сынаў ҳәм тазалаў  жумыслары толық  орынланды.

Сондай-ақ, толық түрде жер асты газ тармақларының жағдайларын арнаўлы үскенелердиң жәрдеминде тексериў, газ тармақларын бояў жумыслары алып барылды.

«Абат мәҳәлле» бағдарламасына киргизилген Жеке терек ҳәм #утлы мәкан мәкан пуқаралар жыйынларындағы хожалықларды тәбийғый газ бенен тәмийинлеўди жақсылаў ушын тийисли жумыслар алып барылды.

Бағдарлама тийкарында Нөкис қалалық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен 2,8 километрлик газ тармақларын тәртиплестириў жумыслары режелестирилип, соннан бүгинги кунге 2,9 километрлик газ тармақлары тәртипке келтирилди ҳәм боялды. Режеде белгиленгениндей, 4 дана газ бөлистириў үскенеси толық түрде тексериўден өткерилди.




Қалада жәми  66795  дана заманагөй электрон газ есаплағыш орнатылыўы режелестирилген еди. Ҳәзирги ўақытта бул жумыслар 99 процентке орынланды. Бул жумыслар даўам етпекте.

Көрилген илажлар нәтийжесинде, газ тармақларында авариялық ҳәм кеўилсиз жағдайлар жүз бермеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги