Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 20-декабрь күнги Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде семинар өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Б.Матмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, Жоқарғы Кеңес депутаты Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, 2023-жылға белгиленген баслы бағдарлар, әсиресе билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жасларға заманагөй ҳәм сапалы билим бериў мәселелери бойынша мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде 2023-жылға «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атама берилди.
Президентимиз тәрепинен мәмлекетимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў ушын «Алдын – инсан, кейин – жәмийет ҳәм мәмлекет» деген идея алға қойылды.
Шынында да, мәмлекеттиң тийкарғы байлығы есапланған инсанға итибар, сол мәмлекеттиң айдын келешегинен дәрек береди.
Соның менен бирге, семинарда Мүрәжаттың мазмун-мәниси университеттиң профессор-оқытыўшылары тәрепинен арнаўлы слайдларда түсиндирилип, кең түрде мағлыўматлар берилди.
Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги