Халықаралық футбол тарийхы ҳәм статистикасы федерациясының (IFFHS) үйрениўи бойынша Аргентина сайланды командасы бас тренери Лионель Скалони 2022-жылдың ең жақсы тренери деп табылды.

Аргентинаны жәҳән чемпионы еткен тренер даўыс бериў жуўмағында 240 упай топлаған болса, екинши орынды ийелеген Франция сайланды командасы бас тренери Дидье Дешам 45 упай, Марокко сайланды командасы устазы Валид Реграги 30 упай топлаўға еристи.

Хорватия ҳәм Япония сайланды командалары бас тренерлери Златко Далич ҳәм Ҳадзиме Мориясу  күшли бесликке кириўге миясар болды.

Сондай-ақ, IFFHSтиң үйрениўлерине бола,  Карло Анчелотти 2022-жылдың ең жақсы клуб тренери деп табылды.

«Реал» бас тренери 2022-жылы өз командасы менен Ла Лига ҳәм чемпионлар лигасында жеңиске еристи. Соны атап өтиўимиз керек, Анчелотти бул сыйлықты 3-мәрте қолға киргизбекте.

Ең жақсы клуб тренери таңлаўында екинши орын «Манчестер Сити» устазы Пеп Гвардиолаға, үшинши орын Марокко бас тренери Валид Реграгиге несип етти. Бул қәниге 2022-жылы «Видад» клубы менен Марокко чемпионаты ҳәм Африка чемпионлар лигасында жеңиске ерисиўге миясар болды.

Жылдың ең жақсы сайланды команда тренерлери ишинде 3-орынды ийелеген Реграги IFFHS да еки номинация бойынша да күшли үшликке кирген дәслепки тренерге айланды. «Ливерпуль» бас тренери Юрген Клопп болса, бул дизимде 4-орынға ылайық деп көрилди.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы