Ҳәзирги ўақытта Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисин түсиндириў мақсетинде орынларда ушырасыўлар өткерилмекте.

Усындай ушырасыўлардың бири Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында да өткерилди.

Онда Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы, сенатор У.Жалменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Мүрәжатта белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар туўралы кең түрде түсиниклер берилди. Әсиресе, мүрәжаттағы билимлендириў тараўын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы белгиленген илажлар, атап айтқанда, кейинги жылларда жоқары оқыў орынларымыз 2,5 есе көбейип, 198 ге жеткени, қамтыў дәрежеси 9 проценттен 38 процентке көбейгени атап өтилди.

Президентимиз тәрепинен атап өтилгениндей,  бул санлардың және де көбейтилиўи мақсет етилген, бирақ, билимлендириўдиң сапасын жақсылаў мәселеси ҳәммемизди ойландырыўы керек.

Бәринен бурын, буған ҳәр бир жоқары оқыў орны өзи ҳәрекет етиўи керек, сонда жақсы нәтийже болады.

Бул бойынша 41 жоқары оқыў орнына академиялық ҳәм финанслық еркинлик берилди, оларда трансформация офислери ашылды. Жоқары оқыў орынларының ректорлары, профессор-оқытыўшылары бул процесслерде белсенди болыўы, жаңа алдыңғы методикаларды енгизиўлери керек.

– Президентимиздиң Мүражатын мийнет жәмәәтимиз бенен бирге толық тыңлаған едик. Сенатор У.Жалменов тәрепинен өткерилип атырған бүгинги ушырасыўда, бул бойынша және де көбирек түсиниклерге ийе болдық, Мүрәжатта белгиленгениндей, келеси жылы жоқары оқыў орны студентлери ушын жеңилликли тәлим кредитлерине ресурслар 2 есеге көбейтилип,  1,7 триллион сум ажыратылатуғын болды,-дейди ушырасыў қатнасыўшысы, усы филиалдың кафедра баслығы Султанбек Тойлибаев. – Быйыл илим ҳәм инновацияларға 1,5 триллион сум қаратылады. Ал, келеси жылы илим ҳәм инновацияларға 1,8 триллион сум ажыратылады.

Әлбетте, енди илимпазларымыз, студент-жасларымыз усындай мүмкиншиликлерден пайдаланып, ҳәзирги күнги биз ушын әҳмийетли болған бағдарларда анық нәтийжелер көрсетиўи керек.



Ушырасыўда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги