Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында Қарақалпақстанда усы жылы жаз айында жүз берген кеўилсиз ўақыялар пүткил ел-халқымызды қайғыға салғаны еслетип өтилди. Қудайға шүкир, көп миллетли халқымыздың ақыллылығы ҳәм данышпанлығы менен жағдай қысқа ўақыт ишинде өз қәлпине түсти, деди мәмлекетимиз басшысы.
«Биз ушын «Қарақалпақстанның табысы-пүткил Өзбекстанның табысы, Қарақалпақстанның тәшўиши-пүткил Өзбекстанның тәшўиши» деген идея ҳәмийше әмелий ҳәрекет бағдарламасы болып келген ҳәм буннан кейин де солай болып қалады. Бизиң ийгиликли мақсетимиз-биргеликтеги мийнетимиз бенен Жаңа Өзбекстанда ҳәр тәреплеме раўажланған абат ҳәм абадан Жаңа Қарақалпақстанды қурыў болып есапланады», деп айрықша атап өтилди.
Қарақалпақстанға сапарымыз даўамында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри Бахтияр Төребеков пенен усы темада сәўбетлестик.
– Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағында жағдай ҳәм халқымыздың кейпияты жақсы, наразылық ямаса қәўип-қәтерлер жоқ,-деди Б.Төребеков. – Жаңа жыл байрамын халық ишинде тыныш өткериў мақсетинде ишки ислер тараўлық хызметлери тәрепинен 2022-жыл 5-декабрьден баслап «Антитеррор» тазалаў илажлары алып барылды. 18 мың 200 объект, 89 мың хожалық жәмийетлик белсендилер менен бирге бирме-бир көзден өткерилди.
2022-жылдың 11 айы даўамында излеўге берилген 132 шахс табылып, усланды ҳәм тергеў бөлимлерине тапсырылды. Психотроп қуралларын нызамсыз сақлаған ҳәм өткерген жүз шахс қолға алынды ҳәм олардан 8 килограмм муғдарында ҳәр қыйлы нәшебентлик қураллары алынды.
Алып барылған түсиндириў жумысларының нәтийжесинде пуқараларымыз өз қәлеўи менен 344 аң аўлаў қуралы, 170 оқ-дәрилерди ишки ислер уйымларына тапсырды. 12 бийдәрек жоғалған шахс анықланып, олар өз үйлерине қайтарылды. 57 мыңнан аслам ҳуқықбузарлықлар анықланып, айыпланыўшылар тийисли тәртипте жуўапкершиликке тартылды.
Соның менен бирге, тек ғана жынаятшылыққа қарсы гүресиў емес, ал оның алдын алыўға қаратылған ислер де әмелге асырылмақта. Халықтың арасында көшпели судлар шөлкемлестирилмекте, буннан гөзленген мақсет халықтың ҳуқықый санасын арттырыў, сабақ алыўына шараят жаратыў болып есапланады.
Мектеплерде 120 психолог-инспекторларымыз бар, олар жаслар арасында саламат орталықты жаратыў, зыянлы әдетлерден абайлы болыў, атап айтқанда, пиротехника қуралларын ислетиўдиң ақыбетлерин түсиндириў жумысларын алып бармақта. Бул процессте пиротехника қуралларын анықлаў илажлары да көрилмекте.
–Ҳеш кимге сыр емес, Қарақалпақстанда тынышсызлықлар болды. Бул жағдайдың ақыбетлерин сапластырыў, бундай ҳәрекетлердиң нызамшылыққа дурыс келмейтуғынын халыққа түсиндириў, кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў бағдарында қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
Ҳақыйқатында да 2022-жыл 1-2-июль күнлери Қарақалпақстанда кеўилсиз ҳәдийселер жүз берди. Бул тарийхта қара тамға болып қалған ўақыялар, десек қәте болмайды. Бул ўақыялардағы қатнасыўшылар қолға алынды. Кейин ала 102 шахс жәмийетшилик кепиллиги тийкарында азат етилди. 61 шахсқа болса суд процеси даўам етпекте.
Қарақалпақстан халқының 34 процентин қарақалпақлар, 43 процентин өзбеклер, 17 процентин қазақлар ҳәм қалғанын басқа миллетлер ўәкиллери қурайтуғынын айтып өтиў керек. Халқымыз арасында негизинде миллетшилик жоқ, мысалы ушын бир үйде төрт келин болса, олар ҳәр қыйлы миллеттен болыўы әпиўайы жағдай.
Ҳәзирги ўақытта республикамызда «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Халықтың жасаў шараяты кейинги жыллары әдеўир жақсыланды. Тек ғана Нөкис қаласын алып көретуғын болсақ, усы жылдың өзинде 500 километрден артық жоллар оңланды. Басқа аймақларда электр энергиясы тәмийнаты жақсыланды. Газ қубырлары тартылды. Халықтың жасаў дәрежеси жақсыланды.
Президентимиз 2022-жыл сентябрь айында Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы қарарға қол қойды. Бул ҳүжжетте исбилерменликти раўажландырыў, инвестиция киргизиў бойынша көплеген жеңилликлер берилди. Соның нәтийжесинде жумыс орынлары шөлкемлестирилмекте. Олардың ҳәммеси халық ушын.
– Сол ўақыяларда провакциялық ҳәрекетлер, айырым сыртқы күшлердиң тәсири роль атқарды, әлбетте. Ишки ислер хызметкерлери бақлаўлар алып барған болса да, неге ўақтында илажлар көрилмеген?
– Ҳақыйқатында да, бул ўақыяларда сыртқы күшлердиң тәсири болды, әлбетте. Хызмет талабы менен көп затты айтып бере алмаўым мүмкин. Себеби, хызмет, тергеў сырлары бар. Ҳәммеси суддан кейин айдынласады.
Ҳәзирги ўақытта мине, усындай жағдайлардың алдын алыў бойынша жаслар арасында түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Олардың санасында ўатанға муҳаббат туйғысын қәлиплестириў, Өзбекстанның перзентимен, деген идеяны олардың санасына сиңдириў бойынша көп жумыслар алып барылмақта.
Екиншиден, мәлимлеме технологиялары тийкарында жумыс алып барыў бойынша ҳәрекет етпекте. Усы мақсетте жаңа бөлим ашылды. Олар күни-түни жумыс алып барып, интернет тармағы, атап айтқанда, социаллық тармақларды бақлап бармақта.
– Демек, провокациялық ҳәм диний экстремистлик руўхтағы жағдайлар анықланғанда, оларға илажлар көриледи, солай ма?
– Аўа, әлбетте, сондай жағдайлар анықланғанда жеделлик пенен илаж көриледи. Бәринен бурын, жумыс унамсыз жағдайлардың алдын алыўға қаратылған. Қалаберди, социаллық тармақлар арқалы бузғыншылыққа шақырмақшы болған шахслар анықланса, әлбетте нызамлы илаж көриледи.
– Қарақалпақстанда қайсы жынаятлар көбирек жүз бермекте, қайсы жынаятлардың алды алынбақта?
– Жоқарыда айтқанымдай, ҳәр алтыншы жынаят жол-транспорт ҳәдийселери менен байланыслы жағдай. Алдаўшылық жынаяты да артқан. Себеби – мәлимлеме технологияларының раўажланыўы, пластикалық карталар менен айланыс етиў көбейгени сайын пул урлаў жағдайлары артпақта. Бундай жынаятлар анықланбақта, илаж көрилмекте.
-Бундай жынаяттың алдын алыў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?
– Жынаятлардың алдын алыў бойынша әмелий жумыслар исленбекте. Банктен пластикалық карта алып атырған пуқараларға түсиндириў жумыслар алып барылмақта. Уялы байланыс операторлары арқалы да сақлыққа шақырыўшы, яғный басқа шахслар пластикалық картаның саны ямаса кодын сорағанда, бермеў кереклиги ҳаққында смс-хабарнамалар жибериў жолға қойылған. Жәмийетшилик арасында да түсиндириў жумыслары алып барылмақта.
Жуўмақ орнында соны айтпақшыман, ең әҳмийетлиси, Қарақалпақстанда бүгин тынышлық, абаданлық. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, әсирлер даўамында ет пенен тырнақтай бир болып кеткен халықларымыз дослығына ҳеш қандай күш тәсир көрсете алмайды.
Себеби бизиң өтмишимиз бир, бүгинимиз де, келешегимиз де бир. Биз жанажан Ўатанымыздың қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигин ҳәр тәреплеме тәмийинлей аламыз. Тыныш ҳәм татыў турмысымызды сақлап, ғәрезсизлигимизди беккемлеп, турақлы раўажланыў жолымызды жедел даўам еттиремиз!
https://youtu.be/UEgTl3fOxzs
ӨзАның хабаршысы
Норгул АБДУРАИМОВА сәўбетлести