Нызамшылыққа бола, қурамында күшли тәсир етиўши ҳәм психотроп элементлер, нәшебентлик затлары жоқ болған, рецепт пенен берилетуғын дәри қуралларын рецептсиз сатыў базалық есаплаў муғдарының бес есесинен он есесине шекемги жәриймаға себеп болады.
Фармецевтика тармағын раўажландырыў агентлиги директорының мәсләҳәтшиси Муҳаббат Ибрагимованың сөзлерине бола, қурамында күшли тәсир етиўши элементлер болған дәри қуралларын рецептсиз сатыў болса базалық есаплаўдың үш жүз есеси муғдарында жәрийма, еки жыл мийнет пенен дүзетиў жумыслары ямаса үш жыллық қамақ жазасына себеп болады.
«Дәриханалар турақлы түрде бундай нызамбузыўшылықты ислеп келген жағдайда, бул жағдай лицензия талаплары менен шәртлериниң қопал түрде бузылыўы болып есапланып, лицензияның әмел етиўи белгиленген тәртипте тоқтатылыўына алып келеди. Дәриханаларға исбилерменлик субъекти деп қаралады. Ол жерде ақ халат кийген қәнигелер ислейди. Бул-олар ушын барлық талапларға толық жуўап бериўи керек деген сөз. Соның ушын мәмлекетимиздеги барлық дәриханалар тәрепинен зәрүр дәрихана әмелияты талапларының орынланыўын тәмийинлеў керек», деди Муҳаббат Ибрагимова.
ӨзА