Шаҳзода исми менен белгили эстрада қосықшысы Зилола Мусаева май айында «Шаҳзода сениң қалаңда» атлы концертлик бағдарламасы менен Нөкис, Үргениш, Наманган, Әндижан, Қоқан, Самарқанд, Бухара сыяқлы он еки қалада гастроль сапарында болады. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Шаҳзода ҳәр жылы май айында үлкен концертлик бағдарламаларын қойыўды дәстүрге айландырған. Бул илажлар алдын Ташкент қаласындағы «Истиқлол» көркем өнер сарайында өткерилген болса, енди қосықшы елимиздеги әмелге асырылып атырған үлкен жумысларға муўапық бул гезектеги концерт бағдарламасын пайтахттан узақта жасап атырған ықласбентлери алдында көрсетиў нийетинде.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги