Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжаты бүгинги күнде барлық мийнет жәмәәтлеринде қызғын додаланбақта. Наўайы мәмлекетлик кәншилик ҳәм технологиялар университети жанындағы Нөкис кәншилик институтында да усындай илаж болып өтти.

Илажда атап өтилгениндей, 2022-жылдың 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжатында елимизде ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылған реформалар ҳәм ерисилген нәтийжелер додаланып, келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди. Президент тәрепинен Өзбекстанның билимлендириў тараўын және де реформалаў, сапасын арттырыў бағдарындағы жумыслар жаңа басқышқа алып шығылатуғынлығы атап өтилди.

– Мүрәжатта билимлендириўди жаңа басқышқа алып шығыў мәселесине итибар қаратылып келешекте әмелге асырылыўы нәзерде тутылған анық ўазыйпалар белгилеп берилди, -дейди институттың социал-гуманитар пәнлер кафедрасы оқытыўшысы Гүлсәнем Дәўлетназарова. – Келешегимиз ушын билимлендириўди реформалаў заман талабы еди. Бул мәселеге итибарсыз қарап, кейинге қалдырып болмайды. Президентимиз буны түсинип, итибар қаратқаны халқымыздың кеўлиндеги гәп болды. Президентимиз өз мүрәжатында «бул тараўда реформаларымызды даўат еттириўимиз, билимлендириў мәкемелерине барып, муғаллимлер ҳәм устазлар менен көбирек сәўбетлесип, сапаны арттырыў бойынша олар қойған мәселелерди биргеликте шешиўимиз керек» деп, билимлендириў тараўындағы машқалаларды шешиў ўақты келгенин, буның ушын оқытыўшы ҳәм устазлар өз үстинде көбирек излениўи ҳәм жасларға илим сырларын үйретиўге жаңа усыллар зәрүрлигин белгилеп берди. Президентимиздиң мүрәжатында билимлендириў тараўында белгилеп берилген ўазыйпалар жасларымыздың сапалы билим алыўы ҳәм жетик қәнигелер болып жетисиўинде үлкен әҳмийетке ийе.




Илаж соңында институт жәмәәти өзлери ушын белгиленген ўазыйпаларды додалап, кейинги жобаларды белгилеп алды.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.


Қарақалпақстан
хабар агентлиги