Тақыятас районындағы 3-сектор баслығының басламасы менен аймақ жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериўи, олардың спорт пенен шуғылланыўын еле қоллап-қуўатлаў мақсетинде, сектор аймағындағы жаслар арасында волейбол бойынша жарыс шөлкемлестирилди.

Қызықлы өткен жарыс жуўмағында, биринши орынды «Қусшылық» мәкан пуқаралар жыйынының командасы ийелеўге миясар болды. Ал, екинши орынды «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны, үшинши орынды «Шамшырақ» мәкан пуқаралар жыйынының жаслары ийелеўге еристи ҳәм жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды.

Адилбай Оразов, 

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы