Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында «Қусларды күткен балалар» атамасындағы спектакльдиң премьерасы болып өтти.

Бүгинги күнге шекем театрда балалар ушын «Жақсылық қайтады», «Батыр қоян» сыяқлы шығармалар сахналастырылған болса, М.Бегимовтың авторлығында А.Қудайназаров сахналастырған «Қусларды күткен балалар» спектакли байрам саўғасы болды.

Спектакль ана ҳәм оның үш баласы ҳаққында болып, елимизде суўсызлық, қурғақшылық болған дәўирде халқымыз турмысының қыйынласыўы, ҳайўанлар ҳәм қус түрлериниң азайып кетиўи, адамлардың өзиниң туўған елинен көшиўи сыяқлы ўақыялар балалар ушын қызықлы сахналық көринислер арқалы жеткерип берилди. Тийкарғы қаҳарманлардың балалығындағы әрманлары орынланып, бири ушыўшы, бири кеме капитаны болады, ал, генже бала өзиниң туўылған аўылына суў әкелиўге ериседи. Усылайынша балалар ушып кеткен қуслардың өз мәканына қайтыўына себепши болады. Спектакль қаҳарманлардың тәғдири арқалы балаларға туўылған жерге, ана тәбиятқа сүйиспеншилик пазыйлетлерин сиңдириўге хызмет етеди.




Тийкарғы рольлерди У.Қазақбаева, Э.Бегимова, Қ.Қырғызбаев, М.Байниязов ҳәм басқа да актёрлар шеберлик пенен атқарып шықты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги