Улыўма билимлендириў мектеплеринде билимлендириў шараятлары ҳәм шөлкемлестирилиўине қойылатуғын санитариялық-эпидемиологиялық талапларына қосымшаға муўапық киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшада ҳәптелик оқыў жүклемесиниң максимал дәрежесине болған гигиеналық талаплар төмендегише белгиленди:

1-класслар ушын – сабақлар күнине 4 сааттан ҳәм ҳәптеде 2 күн 5 сааттан көп болмаўы керек (5 саатлық оқыў күнинде денетәрбия ямаса жеңил пәнлер-технология, сүўретлеў көркем өнери, музыка мәденияты, тәрбия пәнлери оқытылады). 1-класслар ушын оқыў саатлары 1 ҳәптеге 22 сааттан артпаўы керек.

2 – 4-класслар ушын – сабақлар күнине 4 сааттан ҳәм ҳәптеде 4 күн 5 сааттан көп болмаўы керек (5 саатлық оқыў күнинде денетәрбия ямаса жеңил пәнлер-технология, сүўретлеў көркем өнери, музыка мәденияты, тәрбия пәнлери оқытылады);

5 – 9-класслар ушын – сабақлар күнине 6 сааттан көп болмаўы керек;

10-11-класслар ушын сабақлар күнине 6 сааттан көп болмаўы керек;

Бир жыл даўамында оқыў ҳәптелиги 1-класслар ушын – 33 ҳәпте, 2-11-класслар ушын 34 ҳәптеден аспаўы керек,-деп жазады Санэпидтиң мәлимлеме хызмети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги