Президентимиздиң тапсырмасына муўапық прокурорлар секторлары тәрепинен аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жәрдемге мүтәж пуқаралардың машқалаларын шешиў, жумыссызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў сыяқлы тараўларда системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы Мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, өткен дәўир ишинде 2-секторлар тәрепинен әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 3,3 мыңнан аслам пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Тиккелей 2-сектор басшыларының басламасы менен 252 исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, 397 жаңа  жумыс орны жаратылды. 5 мың 106 пуқараның өзин-өзи бәнт етиўи тәмийинленип, олардан 649 пуқараға 2 миллиард 102 миллион сум  субсидия ажыратылды. Сондай-ақ, 247 жәрдемге мүтәж шаңараққа жеңилликли кредит есабынан тигиў машинасы алып берилип, усының есабынан 300 ге жақын пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Атап айтқанда, Қараөзек районы прокуроры тәрепинен аймақ турғынларының социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бойынша 2022-жыл даўамында жеке басламасы менен өз қаржысы ҳәм қәўендерлердиң жәрдеминде жәми 5 миллиард 298 миллион сумлық жәрдем көрсетилип, 1 мың 430  шаңарақтағы 9 мың 150 пуқараның машқаласы унамлы шешимин тапты. Соның ишинде, сектор басшысы тәрепинен жаслардың машқалалары, олардың қызығыўшылығы “пуқара кесиминде” үйрениў мақсетинде хатлаў өткерилип,  1 мың 823 жастың балансы толық қәлиплестирилди.  48 мәрте “Прокурор ҳәм жаслар” көшпели қабыллаўы өткерилип, машқалалары шешимин тапты. Сондай-ақ, “Бес баслама” жойбары шеңберинде өткен жыл даўамында 12 мың 170 тен аслам жастың қатнасында 209 илаж өткерилди.

2022-жыл даўамында сектор аймағында жасларға байланыслы Мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, жас  кадрларды қоллап-қуўатлаўдағы әмелий жәрдеми ушын жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен өткерилген  “Хошамет-2022” сыйлығын тапсырыў мәресиминде Қараөзек районының прокуроры, 2-сектор басшысы Н.Джоламанов “Жылдың ең интакер сектор басшысы” номинациясының жеңимпазы деп табылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги