«Денсаўлықдур алтын тахтың»-дегениндей инсан саламатлығы барлық нәрседен үстем турады. Соның ушын ата-бабаларымыз «денсаўлық-терең байлық» -деп бийкарға айтпаған.

Соңғы жыллары елимизде медицина тараўында ири өзгерис ҳәм жаңаланыўлар жүз бермекте. Аймақларда халыққа хызмет көрсетиўши орынлар жаңаланып, олар жоқары билимге ийе маман кадрлар ҳәм заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленбекте.

Республикамыздың барлық орынларында болғаны сыяқлы Шымбай районында да бул бағдарда бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтатуғын болсақ, районлық медицина бирлеспеси имараты, Қамысарық ҳәм Пәшенттаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы шаңарақлық поликлиникаларға капитал реконструкция жумыслары алып барылмақта.

Жаңа жыл байрамы алдында Қамысарық шаңарақлық поликлиникасына қараслы «Жаңажап» филиалы, районлық медицина бирлеспесине қараслы 54-санлы шаңарақлық поликлиниканың П.Сейтов филиалында қурылыс оңлаў жумыслары жуўмақланып, бул имаратлар халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен аймақларда денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң ашылыў мәресими болып өтти.

Онда район ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Молдахмедов, районлық медицина бирлеспеси баслығы Қ.Сатуллаев ҳәм аўыл нураныйлары шығып сөйлеп, жыйын халқын жаңа жыл байрамы ҳәм бул имаратлардың ашылыўы менен қутлықлады. Соңынан имарат алдына тартылған дәстүрий ленталар кесилип, илаж қатнасыўшылары бул мәкемелердиң ишки имканиятлары менен танысты.





-Жергиликли бюджет есабынан Шымбай районлық медицина бирлеспесине қараслы Қамысарық аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы  Шаңарақ шыпакерлик пунктине қараслы  Жаңажап филилалына  586 млн 500 мың сумлық, 54 -санлы шаңарақ поликлиникасында  959 млн 500 сумлық  реконструкция жумыслары  алып барылды,-дейди бирлеспе баслығы Қуралбай Сатуллаев.-Алдағы ўақытлары бул орынларда халыққа сапалы медициналық хызметлер көрсетиледи. Бул болса, инсан қәдири ушын исленип атырған жумыслардың айқын көриниси болды десек асыра айтқан болмаймыз.


Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы