Түркияның жаңа конституциясын қабыл етиўи ҳәм оның дүньяның раўажланған он мәмлекети қатарына кириўи Анқара ушын келеси жылдағы тийкарғы ўазыйпалардан бири.

2023-жылы республика деп жәрияланғанының 100 жыллығы белгиленеди. Усы мүнәсибет пенен Президент Режеп Таййип Эрдоған мәмлекет алдында турған ең әҳмийетли мақсетлер ҳаққында «Yeni Shafak» газетасында жазып шықты.

«Түркия әсири бағдарламасының биринши мақсетлеринен бири мәмлекетимиз ушын халықтың ерк-ықрарын толық сәўлелендириўши конституцияны қабыл етиў болып есапланады. Сондай-ақ, республикамызды сиясат, экономика, технология, қорғаныў ҳәм дипломатия тараўларында дүньяның раўажланған мәмлекетлери онлығына алып шығыў болып табылады».

Оның атап өтиўинше, жедел сыртқы сиясат себепли Түркия «регионаллық ҳәм глобаллық тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўши орайлық актёр»ға айланады.

«Ҳәзир Түркия турақластырыўшы күш сыпатында және де әдалатлы дүнья идеялары байрағын көтерип тур. Биз адамгершилик жәрдеми ҳәм тыныш дипломатияны көрсетиўде планетамыз ушын үлги боламыз», деп қосымша етеди Эрдоған.

ӨзА