Усы жылдың 29-декабрь күни Нөкис қаласы 1-санлы  балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Бес баслама олимпиадасы»ның екинши мәўсими Қарақалпақстан Республикасы басқышының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасып, «Бес баслама паралимпиадасы» шеңберинде өткерилген  «пара шахмат», «пара шашка», «пара жеңил атлетика», «пара стол тенниси», «пара киберспорт» ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша жеңимпазларды қутлықлап, оларға саўғалар тапсырды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен өткерилген олимпиада шын мәнисинде шетки-шетки аймақлардан ең күшли спортшы жаслар, ең талантлы ҳәм билимли жасларды жүзеге шығарыўда әҳмийетли басламаға айланды. «Бес баслама олимпиадасы»ның екинши мәўсиминде Қарақалпақстан Республикасы бойынша барлық пуқаралар жыйынларынан 300 мыңнан аслам жастың қатнасқанын буның айқын мысалы  сыпатында келтириўимиз мүмкин. Соннан олимпиаданыӊ Өзбекстан Республикасы басқышында қарақалпақстанлы жаслар спорт жарысларында 11 алтын, 8 гүмис ҳәм 15 қола медальды қолға киргизди. Буннан тысқары, таңлаўлар бойынша жеке ҳәм командалық бағдарларда 5 биринши, 4 екинши ҳәм 10 үшинши орынды қолға киргизди.

Буннан кейин 16-21,  22-26 ҳәм 27-30 жас категорияларында ер балалар ҳәм қызлар арасында миллий кураш,  стрит воркаут, стол тенниси, волейбол, шахмат, шашка, киберспорт, стритбол, жеңил атлетика спорт жарыслары, “Қуўнақлар ҳәм зийреклер”, миллий ҳәм заманагөй саз әсбаплары, жаслар аяқ ойыны таңлаўлары бойынша  жеңимпазлар да сыйлықланды.

Жеңимпазларға ҳәм сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.





Сыйлықлаў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.


Қарақалпақстан хабар агентлиги