И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Бухара ҳәм Самарқанд авангард художниклер Виктор Уфимцев ҳәм Орал Тансықбаев нәзеринде» деп аталған көргизбе ашылды.

Көргизбеде тийкарынан XX әсирдеги өзбек художниклериниң Түркистан авангарды бағдарының алтын фондына киргизилген картиналары орын алған.

Көргизбе ушын музей хызметкерлери тәрепинен бийкарға бул еки художниктиң мийнетлери таңлап алынбады. Атап өтилгениндей, олардың ҳәр бириниң өзине тән усылы бар болыўына қарамастан, барлық шығармалары бир ғана – Шығыс ҳәм оның рәңбәреңлигинен илҳамланып дөретилгени ҳәм соның менен бирге, графикалық жақтан бир-бирине уқсаслығы менен айрылып турады. Таңлап алынған шығармалар арасында «Бухара. Мазар», «Бухара. Жабық базар», «Самарқанд», «Шахи Зинда» картиналарын көрген тамашагөй сол дәўирдиң орталығы, адамлары, олардың кийиниў усылы, турмыс тәризи ҳәм әтираптағы тәбият ҳаққында тәсирлерге ийе болады.

В.Уфимцевтың «Бухара. Жабық базар» картинасы тамашагөйлерде қызығыўшылық оятары сөзсиз. Бул шығармада күнделикли турмыс тәшўишлери менен базарда жүрген әпиўайы адамлар сәўлеленген. Сибирьде туўылып өскен художник 1924-жылы Бухара архитектуралық естеликлерди үйрениў экспедициясы ағзасы сыпатында Бухара ҳәм Самарқанд пенен танысады. Ол архитектуралық естеликлерден көре тасланды қәбирлерди, кәрўансарайларды, ақыры жоқ көшелерди сүўретлеўди унатқан.

Көргизбеден, сондай-ақ, О.Тансықбаевтың 1930-1932-жыллар аралығында қала ҳәм аўыллар бойлап еткен саяхатынан тәсирленип дөретилген шығармалары орын алған. Атап айтқанда, Бийбиханым мешити, Шахи-Зинда мақбаралар ансамбли, қараўсыз қалған ески қәбиристанлар сәўлеленген пейзажлар бар.








– Музейимиз коллекциясында О.Тансықбаевтың 300 ге шамалас жумыслары бар. Солардың айырымлары ғана көргизбеге қойылды, -дейди музейдиң сүўретлеў бөлими илимий хызметкери Азиза Мнажова. – Ол саяхатлары даўамында пейзажларды дөретип қоймастан, Самарқандтағы архитектуралық объектлерди графикалық жумысларында сәўлелендириўге ҳәрекет еткен. Ал, В.Уфимцев Самарқанд ҳәм Бухарадағы архитектуралық имаратлардан илҳамланып, өзин кубизм бағдарында сынап көреди. Соңынан ол Өзбекстанда жасап қалған. XX әсирдиң биринши ярымында көплеген рус художниклери Орайлық Азияға келгенде Самарқанд, Бухара, Хийўа сыяқлы ески қалалардың өзгеше архитектуралық көринисинен тәсирленип, усы жерде қалған ҳәм көплеген жумысларын дөреткен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги