Жаңа жыл байрамы алдынан Әмиўдәрья районының 6 аймағында жаслар ушын спорт майданшалары қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Олардың ашылыў салтанатында район ҳәкими Султанбай Йўлдашев, секторлардың басшылары, ҳәким орынбасарлары, «Бес баслама олимпиадасы»ның районлық, республикалық ҳәм Өзбекстан басқышларының жеңимпазлары, жаслар жетекшилери ҳәм белсенди жаслар қатнасты.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, олардың социаллық белсендилигин арттырыў мақсетинде бес басқышлы «Бес баслама олимпиадасы» өткерилип, оның Өзбекстан Республикасы басқышының жеңимпазлары баҳалы саўғалар менен биргеликте өзлери жасайтуғын пуқаралар жыйынлары аймағында спорт майданшаларын қурып берилиўи бойынша арнаўлы сертификатларды қолға киргизди.

Атап айтқанда, олимпиадының биринши мәўсиминде шөлкемлестирилген руўхый-ағартыўшылық илажлар ҳәм спорт жарысларында жәми 28 мың 898 жас белсене қатнасқан болса, соннан 41 жас Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпазлықты қолға киргизип, Өзбекстан Республикасы басқышында мүнәсип қатнасып қайтты.

Санобар Шарифбаева  Әндижан ўәлаятында өткерилген жарыста шашка бойынша, Умида Ибрагимова Street Workout бойынша қатнасып, өзлери жасайтуғын пуқаралар жыйынларында заманагөй типтеги спорт майданшасының қурылысы ушын сертификатты қолға киргизди. Дастан Ҳайтбоев, Хурсанд Тилеўмуратов, Амин Холбоев, Маҳмуд Жоллибоев, Шуҳрат Жоллибоев сыяқлы умтылыўшаң жаслардың стритбол бойынша ерискен жеңиси нәтийжесинде Толқын аўылында да заманагөй спорт майданшасы  қурылды.


«Бес баслама олимпиадасы»ның биринши мәўсиминиң жуўмағы бойынша Өзбекстан басқышында жеңимпаз болған 6 жас жасайтуғын аймақларда усындай спорт майданшалар қурып берилгенлиги, екинши мәўсимде 3 жастың биринши ҳәм 3 жастың үшинши орынларды ийелегенлиги ушын келеси жылы олардың аймақларында да спорт майданшалары қурып берилетуғынлығы атап өтилди. Буннан тысқары, «Жас китапқумар» бағдарында Дүрмен аўылында жасаўшы Орынбаевлар шаңарағы биринши орынды ийелеп, Президентимиздиң саўғасы-“Спарк” автомобилин қолға киргизди.

Жарыс жеңиппазларына спорт майданшаларының қурып берилгени сол аймақта жасайтуғын жаслар ушын әжайып саўға болып табылады.


Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы