Жаңа жыл байрамы алдынан Кегейли районы Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағында “Aqtuba textil group” кәрханасы жумыс баслады
Текстиль кәрханасының ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Әндижан ўәлаятының ҳәкими Ш.Абдураҳмонов шығып сөйлеп, жыйналғанларды жақынласып қалған Жаңа жыл байрамы ҳәм жаңа кәрхананың ашылыўы менен қутлықлады.
Жойбардың улыўма баҳасы 30 миллиард сум болып, 500 ҳаял-қызды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген. Ҳәзир бул жерде 393 ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленди. Жойбардын жыллык куўатлылығы 2,4 миллион дана трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў имканиятына ийе.
Кәрхана тәрепинен Россия мәмлекети менен 1 жыллық шәртнама дүзилип, бүгинги күнде ерлер, ҳаяллар ҳәм балалар кийимлери сапалы етип тигилмекте. Жаңа кәрхананың ашылыўы Кегейли районы турғынлары ушын ҳақыйқый жаңа жыл саўғасы болды.
Кегейлидеги жаңа текстиль кәрхананың ашылыў салтанаты концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги