Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң басламасы менен өткерилген Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер басшыларының рәсмий емес саммитинде қатнасты.
Жетекшилер быйылғы бирге ислесиў жуўмақларын есап-санақ етип, 2023-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаў болып есапланады. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты.
Өзбекстан ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўди сиясат ҳәм қәўипсизлик бағдарында, экономикалық ҳәм гуманитарлық тараўларда раўажландырмақта.
Кейинги жыллары Өзбекстан Дослық Аўқамы жумысындағы қатнасын жеделлестирди, 40 дан аслам көп тәреплемели келисимлерге қол қойды ҳәм ҒМДАның 23 тармақ уйымларына қосылды.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилислер ҳәм рәсмий емес саммитлеринде турақлы қатнасып, шөлкем шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм ҒМДАны раўажландырыўдың узақ мүддетли концепциясындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиў бойынша бир қатар усынысларды алға қойып келмекте.
27-декабрь күни Президентимиз ҒМДА мәмлекетлери басшылары менен биргеликте Санкт-Петербургтағы Мәмлекетлик рус музейине барды. Бул жерде мийманлар музей топламындағы экспонатлар ҳәм көркем өнер шығармалары менен танысты ҳәм рәсмий емес ушырасыў өткерди.
Соның менен мәмлекетимиз басшысының әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА