Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалында композитор Ғайып Демесиновтың 80 жыллығына бағышланған «Қарақалпақ музыка көркем өнериниң пидайысы» атамасында еслеў кешеси болып өтти.
Онда көркем өнер ғайраткерлери, дирижёрлар, жазыўшы-шайырлар, композитордың шаңарақ ағзалары, дослары, студент-жаслар қатнасып, устаз, дирижёр, композитор Ғ.Демесиновтың дөретиўшилиги ҳаққында кең түрде сөз етилди.
Илажда сөзге шыққанлардың атап өткениндей, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Композиторлар аўқамының ағзасы Ғ.Демесинов батыс ҳәм шығыс музыкаларының теориясын теңдей үйренип, ҳәр қыйлы жанрларда миллий колориттеги музыкаларды дөретиўде жоқары нәтийжелерге ерискен композитор болып табылады.
Композитордың «Сүймеўге болмайды», «Азада бостаным», «Арал жасайды», «Қоңыраттың қызлары бар» ҳәм басқа да бир қатар қосықлары Д.Қайыпов, К.Ниетуллаев, Б.Надыров, М.Матыков сыяқлы белгили қосықшылардың репертуарынан орын алған. Композитордың «Умытылмас» атамасындағы 1-симфониясы, «Бозатаў» атамасындағы 2-симфониясы, фортепиано ҳәм оркестр ушын үш концерт, тарлы квартетке, симфониялық ҳәм камер оркестрлерге арналған прелюдия ҳәм фугалар, скрипка ҳәм фортепиано ансамбльлери ушын соната, поэма, ноктюрн, сондай-ақ, жеке фортепианоға арналған шығармалары оның репертуарында айрықша орын тутады.
Ол «Бес перде», «Дем бермес», «Жети асырым» «Қарақалпақта» сыяқлы халық қосықларын, бир қатар авторлардың сөзине, атап айтқанда, К.Абдуллаевтың «Бизге кел», «Жигирма бесте», Х.Турдықуловтың «Дийдарың сениң», «Бир гүлмен ярым», «Сениң бул дүньяда барлығың» сыяқлы намаларын ҳәр қыйлы саз әсбаплары ҳәм ансамбльлер ушын қайта ислеп, ноталастырған.
Заманласларының пикирине қарағанда балалығынан музыкаға болған қызығыўшылығы оны қолына гиржек саз әсбабын алыўына себеп болады. Ғ.Демесинов Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Нәжиматдин Муҳаммеддинов, музыка изертлеўшиси Караматдин Өтегенов, профессор Георгий Мушель, педагог, профессор Борис Зейдман сыяқлы белгили устазлардан копозиция, полифония, музыка теориясы бойынша билим алады.
– Әкемниң 80 жыллығына арнап шөлкемлестирилген илажда қатнасып, кеўлим көтерилди, -дейди қызы Айна Демесинова. –Оның намаларын еситип, белгили халық артистлери, композиторлар тәрепинен әкемниң илимий-дөретиўшилик жумысына берип атырған жоқары баҳаларын тыңлап көзиме жас алдым. Ҳақыйқаттан да оның шығармалары жыллар өтсе де халқымыз тәрепинен сүйип тыңланатуғын, ықласбентлерин жоғалтпайтуғын ғәзийне болып табылады. Бүгинги күнде әкемниң көркем өнеримизге қосқан үлеси мүнәсип қәдирленбекте, мийнетлери қәстерлеп сақланбақта. Буның ушын ҳүкимет басшыларына, кешениң шөлкемлестириўшилерине миннетдаршылық билдиремен.
Илаж даўамында композитордың репертуарынан орын алған ҳәм қарақалпақ музыкасы ғәзийнесин байытқан намалары филиал студентлери тәрепинен атқарылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.