Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 21-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 2023-жыл 1-январьдан төмендеги мәмлекетлик басқарыў уйымлары ўазыйпа және функциялары тийисли министрлик ҳәм уйымларға өткерилген ҳалда сапластырылады:
Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў және виношылықты раўажландырыў агентлиги – Аўыл хожалығы менен байланыслы ўазыйпа ҳәм функциялары Аўыл хожалығы министрлигине, санаатты раўажландырыў менен байланыслы ўазыйпа ҳәм функциялары болса Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигине өткерилмекте;
Министрлер Кабинети жанындағы Шет тиллерин үйрениўди ғалабаластырыў агентлиги – ўазыйпа ҳәм функциялары тийисли түрде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги арасында бөлистирилмекте;
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Халықаралық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў агентлиги – ўазыйпа ҳәм функциялары Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигине өткерилмекте;
Қаржы министрлиги жанындағы Қамсызландырыў базарын раўажландырыў агентлиги – ўазыйпа ҳәм функциялары Экономика ҳәм қаржы министрлигине өткерилмекте;
Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги – ўазыйпа ҳәм функциялары Экономика ҳәм қаржы министрлигине өткерилмекте;
Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығында капитал қурылыс жойбарларын әмелге асырыў агентлиги – ўазыйпа ҳәм функциялары Суў хожалығы министрлигине өткерилмекте;
Медициналық-социаллық хызметлерди раўажландырыў агентлиги – ўазыйпа ҳәм функциялары Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине өткерилмекте;
Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў агентлиги – ўазыйпа ҳәм функциялары Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетине өткерилмекте;
Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети жанындағы «Ўзбекчорванасл» агентлиги – ўазыйпа ҳәм функциялары Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитетине өткерилмекте;
Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў инспекциясы – ўазыйпа ҳәм функциялары тийисли түрде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги және Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги арасында бөлистирилмекте;
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў орайы – ўазыйпа ҳәм функциялары Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигине өткерилмекте;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы – ўазыйпа ҳәм функциялары Денсаўлықты сақлаў министрлигине өткерилмекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.