Усы жыл 22-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде  Қытай Халық Республикасының  “Korporaciya Aral Sanbao” ЖШЖ түриндеги сырт ел кәрханасының  директоры Канг Литианды қабыллаў мәресими болды.

Қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың раўажланыў потенциалы, инвесторлар ушын экономикалық ҳәм санаат зоналарында жаратылған жеңилликлерге тоқтап өтти.

Сөйлесиўлер даўамында артемия фермасын шөлкемлестириў, ҳәр қыйлы ишимлик суўларын ислеп шығарыў сыяқлы жойбарлар, сондай-ақ, “Korporaciya Aral Sanbao” кәрханасы менен келеси бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери сөз етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги