Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 21-22-декабрь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.

Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери, соның ишинде, Қазақстан менен өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған қатнасықларды раўажландырыў жолынан бармақта. Халықларымыз тек ғана жақын қоңсы емес, ал туўысқан сыпатында көп қырлы бирге ислесиўдиң барлық мәселелери бойынша әзелден бир-бирин түсинип, қоллап-қуўатлап келген. Мәмлекетлеримиз жақсы қоңсы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўши сыпатында раўажланыў жолынан ийинлес болып келмекте.

Сапардың тийкарғы илажлары 22-декабрь күни болып өтти.

Усы күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен биргеликте Ташкент қаласындағы Шайх Хованди Тоҳур ҳәм Төле бий мақбараларын зыярат етти.

Шайх Хованди Тоҳур XIV әсирде жасаған илимпаз ҳәм суўфий, Ахмет Яссаўий тәлийматының даўамшысы болған. Инсанларды илимий-ағартыўшылыққа, жетекшилерди тынышлық-татыўлыққа шақырған ўәлий инсан сыпатында халықтың ядында қалған.

Шайх мақбарасының әтирапы қәдирли зыярат орнына айланған. Атап айтқанда, XVII әсирде бул жерге Төле бий жерленген. Қарлығаш бий деп те аталатуғын бул инсан қазақ елиниң бас қазыларынан ҳәм «Жети Жарғы» нызамлар топламының дүзиўшилеринен бири болған.

Бир-бирине жақын жайласқан бул мақбаралар өзбек ҳәм қазақ халықларының әзелден бирге жасағаны, туўысқан ҳәм пикирлес болғанының және бир дәлили болып есапланады.

Қазақстан басшысы мақбаралар тарийхы менен танысты, абаданластырыў жумысларын көзден өткерди.

Қуран оқылып, пәтия етилди.

Қасым-Жомарт Тоқаев туўысқан халықларымыздың улыўма тарийхый-мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаўға қаратылып атырған итибар ушын Өзбекстан Президенти ҳәм халқына миннетдаршылық билдирди.

Ташкент қаласындағы Халықаралық конгресс орайында Қазақстан Республикасы Президентин рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаев жоқарыға көтерилди. Өзбекстан ҳәм Қазақстан мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Ҳүрметли қараўыл бөлиминиң баслығы рапорт бергеннен соң, мәмлекет басшылары қараўыл қатары алдынан өтип, өзбек әскерий хызметкерлерин қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағына ҳүрмет көрсетти.

Президентлер рәсмий делегациялар ағзаларын бир-бирине таныстырды.

Соң мәмлекет басшыларының тар шеңбердеги сөйлесиўлери болып өтти.

Ушырасыўлар алдында Өзбекстан басшысы қазақстанлы кәсиплеси ҳәм көп миллетли Қазақстан халқын 16-декабрь күни белгиленген Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлады.

Жетекшилер бул сөйлесиўлер Өзбекстан-Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының раўажланыўына жаңадан күшли пәт бағышлағанына исеним билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Өзбекстанның ең жақын ҳәм исенимли шериги екенин атап өтти.

– Өзбек ҳәм қазақ халықлары – тек ғана жақын қоңсы емес, ал уқсас тарийхый мийрас, мәдений ҳәм руўхый қәдириятлар менен байланысқан туўысқан болып есапланады. Бул бизиң бийбаҳа байлығымыз, биз оны қәдирлеймиз ҳәм қәдирлеўди даўам етемиз. Бизиң тәғдиримиз бир, келешегимиз де бирдей, мен оған исенемн,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сиясий, саўда-экономикалық, энергетика, аўыл хожалығы, суў ҳәм басқа да тараўлардағы қатнасықларды түпкиликли кеңейтиў мәселелери сөйлесиўлердиң тийкарғы темасы болды.

Кейинги алты жылда бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында сезилерли табысларға ерисилгени атап өтилди. Еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрлик ҳәм уйымлары, аймақлары арасындағы сөйлесиўлер турақлы түрде болып өткен.

Көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да даўам еттириўге умтылыўының исенимли екени атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев сөйлесиўлерди еки мәмлекет делегациялары қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирди.

Мәмлекетимиз басшысы көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы Өзбекстан – Қазақстан бирге ислесиўиниң барлық бағдарларында салмақлы нәтийжелерге ерисилип атырғанын атап өтти.

– Халықларымыз тарийхы ҳәм тәғдириниң тығыз байланыслы, биз ет пенен тырнақ болып кеткенбиз, әҳмийетли мәселелерди биргеликте шешип атырмыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз усы күнлери Өзбекстан бойлап қазақ халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Абай Қунанбаевтиң  өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған илажлар өтип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бундай илажлар халықларымыз бир-бириниң мақтанышлы тарийхы ҳәм ҳәзирги турмысына үлкен қызығыўшылық пенен қаратып атырғанын тастыйықлап, дослық байланысларын беккемлеўге хызмет етпекте.

– Бүгин еки тарийхый ҳүжжетке қол қоямыз. Туўысқан халықларымыздың түпкиликли мәплерине жуўап беретуғын сондай-ақ, Өзбекстан – Қазақстан қатнасықларының тарийхында жаңа басқыш бағышлайтуғын Аўқамласлық ҳаққындағы шәртнаманы айрықша атап өтпекшимен. Аўқамласлық – мәмлекетлер аралық бирге ислесиўдиң ең жоқары дәрежеси, өз-ара исеним белгиси. Соның менен улыўма келешегимизди биргеликте қурыўға умтылатуғынымызды тастыйықлап атырмыз. Мәмлекетлик шегараларды демаркациялаў ҳаққындағы шәртнама байланысларымыздың беккемлигинен дәрек береди, регионда тынышлық ҳәм қәўипсизлик мақсетлерине хызмет етеди. Шегараларымыз турақлы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық аймағы болған ҳәм сондай болып қалады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Қазақстан Президенти еки тәреплеме қатнасықлардың  ҳәзирги жоқары дәрежесин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

– Уқсас тарийхқа, халықларымыздың туўысқанлық байланысларына сүйенип, Қазақстан ҳәм Өзбекстан беккем, сәйкес қатнасықларды жолға қойды,-деди Қасым-Жомарт Тоқаев.

Қазақстан жетекшиси қол қойылатуғын шәртнамалар жаңа жоллар ашыўы ҳәм еки мәмлекеттиң және де жақынласыўына бирдей умтылысларын толық билдиретуғынын атап өтти.

Шавкат Мирзиёевқа дөретиўшилик сиясаты ҳәм Қазақстан – Өзбекстан қатнасықларын беккемлеўге қосып атырған үлеси ушын миннетдаршылық билдирди. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен әмелге асырылып атырған конституциялық реформаларды қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтип, бул реформа Өзбекстанның раўажланыўы ушын беккем тийкар болыўына исеним билдирди.

Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкары экономика екени, еки мәмлекеттиң үлкен потенциалынан пайдаланыўға итибарды күшейтиў керек екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, кейинги бес жылда өз-ара саўда көлеми еки еседен зыятқа көбейди, усы жылдың ақырында болса бес миллиард долларға шамаласады. Талап жоқары болған өнимлерди өз-ара жеткерип бериўди көбейтиў арқалы жақын жыллары товар алмасыўды есесине арттырыў мақсетинде Бас министрлердиң орынбасарлары басшлығында жумысшы топар дүзиў ҳәм биргеликтеги сыртқы саўда компаниясын шөлкемлестириўге келисип алынды.

Кооперациялық жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Енди энергетика, автомобиль қурылысы, химия, электротехника, қурылыс, логистика ҳәм басқа да тараўларда жумысшы топар дүзиў ҳәм сыртқы саўда компаниясын шөлкемлестириўге келисип алынды.

– Ҳәзирги күнде жойбары ислеп шығылып атырған Халықаралық санаат кооперациясы орайы жаңа жойбарларды қәлиплестириў ушын әҳмийетли майдан болыўына исенемен,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Аймақлар арасындағы бирге ислесиўдиң үлкен потенциалынан максимал дәрежеде пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Соның ишинде, күни кеше болып өткен бизнес-форумда жаңа инвестициялық келисимлер ҳәм саўда шәртнамалардың салмақлы топламына қол қойылды.

Және бир әҳмийетли бағдар – энергетика. Мәмлекет басшылары энергетика қуўатлықларын модернизациялаў ҳәм қурыў, геологиялық излеў ҳәм тәбийғый газди терең қайта ислеў бойынша жойбарларды алға қойыўға келисип алды.

Транзит потенциалынан пайдаланыў ҳәм оны арттырыў бирге ислесиўдиң әҳмийетли тараўларынан бири сыпатында атап өтилди.

– Бүгин биз жүк тасыўлардың турақлы өсиўине еристик, еки тәреплеме ҳәм транзит тасыўлар ушын қолайлы шараятлар жаратыўға келистик. Жүк тасыў көлемин бир неше есеге арттырыў мақсетинде транспорт инфраструктурасын кеңейтиўге қаратылған жойбарларды тезлестириўге келисип алдық,-деди Шавкат Мирзиёев.

Президентлер парламентлер аралық сөйлесиўлер ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды және де беккемлеў ҳәм кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Жоқары дәрежедеги барлық келисимлердиң орынланыўын мониторинг етиў ушын Парламентлер аралық кеңес имканиятларынан пайдаланыў зәрүр,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Президентимиз Астана қаласының орайында уллы өзбек шайыры, мәмлекетлик ғайраткер Әлийшер Наўайы естелигин орнатыў ҳаққында қарар қабыл етилгени ушын миннетдаршылық билдирди.

– Бул улыўмалық тарийхымыз ҳәм мәдениятымызға үлкен ҳүрметиниң айқын тастыйығы, туўысқан халықларымыз арасындағы дослық байланысларының мәңгилигиниң белгиси,-деди Шавкат Мирзиёев.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз басшысы улыўма мәдений-тарийхый мийрасымызды үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша биргеликтеги изертлеўлер өткериў, усы мақсетте телевидение, радио ҳәм веб-сайттан ибарат биргеликтеги мәлимлеме ресурсын шөлкемлестириў, уллы жазыўшы ҳәм шайырларымыздың шығармаларын басып шығарыўды усыныс етти.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында еки мәмлекет ҳүкиметлерине ерисилген барлық келисимлердиң орынланыўын қатаң қадағалаўға алыў ҳәм тийисли «жол картасы»н келисиў тапсырылды.

Өзбекстан-Қазақстан саммитиниң жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев тарийхый ҳүжжетлер – Аўқамласлық қатнасықларын орнатыў ҳаққында шәртнама ҳәм Өзбекстан – Қазақстан мәмлекетлик шегарасын демаркациялаў ҳаққында шәртнамаға қол қойды.

Буннан тысқары, еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрликлер ҳәм уйымлары, ири компаниялары дәрежесинде көп қырлы бирге ислесиўди және де тереңлестириўге қаратылған 15 ҳүжжет қабыл етилди.

«Орайлық Азия» халықаралық санаат кооперациясының орайын шөлкемлестириў ҳаққында, Қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында, Жоқары билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер, 2000-жыл 7-июльдағы Пуқаралардың өз-ара келип-кетиў шәртлери ҳаққындағы ҳүкиметлер аралық келисимге өзгерислер киргизиў ҳаққында билдириў солар қатарына киреди.

Сондай-ақ, стратегиялық реформалар, электрон саўданы раўажландырыў, тоғай хожалығы, мәмлекетлик тараўларында меморандумлар, Ташкент ҳәм Түркстан, Наўайы ҳәм Қызылорда, Жиззақ ҳәм Түркстан ўәлаятлары арасындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге байланыслы «жол карта»лары, энергетика, химия санааты, транспорт ҳәм логистикада жойбарлар әмелге асырыў бойынша келисимлер қабыл етилди.

Сапар шеңберинде жәми 8 миллиард долларлық саўда ҳәм инвестиция шәртнамаларына қол қойылды.

Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын брифинг өткерди.

Туўысқан өзбек ҳәм қазақ халықлары көп әсирлик дослық байланыслары менен тығыз байланысқаны атап өтилди.

– Улыўма тарийхымыз, мәдений ҳәм мәнаўий қәдирияларымыз, дәстүр ҳәм үрп-әдетлеримиз бизди бирлестирип турады. Қазақстан Өзбекстан ушын ең жақын, исенимли ҳәм дәўир сынағынан өткен шерик болып есапланады. Ҳәзирги қыйыншылықлы заманда өз-ара қатнасықларымыз мәмлекетлер аралық бирге ислесиўдиң үлгиси бола алады, деп сөзсиз айтыўымыз мүмкин,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз болып өткен сөйлесиўлер Өзбекстан ҳәм Қазақстан еки тәреплеме қатнасықларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм байытыў, оларға сапа жағынан жаңа әмелий мазмун бериўге таяр екенлигин және бир мәрте тастыйықлағанын атап өтти.

Туўысқан халықларымыздың түпкиликли мәплерине толық жуўап бериўши Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны сапардың ең әҳмийетли нәтийжеси болды.

Буннан тысқары, мәмлекет басшылары дәрежесиндеги Мәмлекетлер аралық кеңес дүзилмекте.

– Бул менен бир-биримизди белсене қоллап-қуўатлаўға, заман қәтерлери алдында ийинлес болып исенимли турыўға таяр екенлигимизди тастыйықладық, – деди Шавкат Мирзиёев.

Қабыл етилген гезектеги әҳмийетли ҳүжжет – туўысқан мәмлекетлеримиз арасындағы шегаралардың ҳуқықый рәсмийлестирилиўин толық жуўмағына жеткерген Өзбекстан – Қазақстан мәмлекетлик шегарасын демаркациялаў ҳаққында шәртнама.

– Бул ҳақыйқый тарийхый ўақыя. Сөзсиз, шегараларымыз бәрқулла ҳақыйқый дослық ҳәм жақсы қоңсышылық аймағы болған ҳәм сондай болып қалады,-деди Өзбекстан Президенти.

Белсене сиясий сөйлесиў себепли барлық тараўларда үлкен табысларға ерисилгени, кең көлемли бирге ислесиўдиң жедел пәт пенен раўажланып баратырғаны айрықша атап өтилди.

Кейинги жыллары өз-ара саўда көлеми еки есеге артқаны ҳәм бес миллиард долларға шамаласқаны оның тастыйығы болып есапланады.

– Биз ушын мәмлекетлердиң баҳалы импортының орнын ислеп шығарыўшыларымыздың өнимлери менен толтырыў арқалы бул көрсеткишлерди жақын арада есесине арттырыўды өз алдымызға мақсет етип қойдық,-деди Шавкат Мирзиёев.

Усы мүнәсибет пенен Бас министрлердиң орынбасарлары басшылығындағы жумысшы топарды қәлиплестириў ҳәм орнын басыў режелестирилип атырған өнимлерди системалы жеткерип бериў ушын биргеликтеги сыртқы саўда компаниясын шөлкемлестириў бойынша келисимге ерисилди.

Дәстүрий түрде бир-бирин толтырып турған тармақларда санаат кооперациясын тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

– Сондай-ақ, биз өз-ара пайдалы жаңа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын әҳмийетли майдан болатуғын Халықаралық санаат кооперациясы орайын қурыўға кирисемиз,-деди Өзбекстан Республикасы Президенти.

Сөйлесиўлер ўақтында энергетика тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Энергетика объектлерин қурыў ҳәм модернизациялаў, геологиялық-излеў жумысларын орынлаў, тәбийғый газди терең қайта ислеў бойынша жаңа жойбарлардың әмелге асырылатуғыны атап өтилди.

Мәмлекет басшылары азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери бойынша да пикир алысты. Усы мақсетте еки мәмлекет аймақларында ҳәр қыйлы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм жергиликли базарларға жеткерип бериўге келисип алынды.

Күн тәртибинде транспорт ҳәм логистика мәселелери әҳмийетли орын ийеледи. Транспорт-транзит потенциалын және де арттырыў жаңа темир ҳәм автомобиль жолларын қурыў жойбарларын жеделлестириў бойынша анық илажлар белгилеп алынды.

Мәмлекет басшылары транс шегаралық суў ресурсларынан ҳүрмет ҳәм исеним руўхында биргеликте пайдаланыў бағдарындағы бирге ислесиўди даўам еттириў сондай-ақ, Арал апатшылығының ақыбетлерин жумсартыў бойынша бирге ислесиўди күшейтиўге таяр екенлигин тастыйықлады.

Парламентлердиң роли артып баратырғанын есапқа алып, нызам шығарыўшы ҳәкимият уйымлары арасындағы байланыслар жеделлестириледи. Келеси жылы Ташкентте Парламентлер аралық кеңестиң биринши мәжилиси болып өтеди.

Президентимиз сөйлесиўлерде мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди тереңлестириўге үлкен итибар қаратылғанын атап өтти.

Усы жылы мәмлекетлеримиздиң дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығын кең түрде белгиледи. Октябрь айында Алма-атада «Арал дүрданасы» көргизбеси, ноябрьде Астанада Өзбекстан мәденияты күнлери, декабрь айында болса Жаслар конгресси табыслы өткерилди.

Усы күнлери Өзбекстанда қазақ халқының ардақлы перзенти Абай Қунанбаевқа бағышланған илажлар болып өтпекте.

– Абайдың өлмес мийрасы ҳәзирги күнде де регионымыз халықлары ушын, әсиресе, жас әўладты миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе,-деди Шавкат Мирзиёев.

Келеси жылы да мәденият күнлери, биргеликтеги кинофестивальлар, белгили көркем өнер шеберлериниң дөретиўшилик кешелерин өткериўге келисип алынды. Бул туўысқан халықларымыздың және де жақын болыўына, улыўма тарийхый негизлеримизди беккемлеўге хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳәзирги күнде глобал өзгерислер орайына айланып баратырған регионымызда раўажланыўды тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлерди бирлестиретуғынын атап өтти.

– Орайлық Азияда көп қырлы ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди беккемлеў улыўма турақлы раўажланыўдың кепили болып есапланады,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўларын турақлы өткерип барыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Өткерилген сөйлесиўлерде абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде мәмлекетлеримиздиң алға қойып атырған басламаларын өз-ара қоллап-қуўатлаў әмелиятын даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Улыўма мәплер бар екенлигин есапқа алып, тәреплер БМШ, ҒМДА, ШБШ, ТМШ, ЭБШ, АБИИИК шеңберинде ҳәм «Орайлық Азия плюс» форматындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алды.

– Қазақстан Республикасы Президентиниң елимизге мәмлекетлик сапары даўамында еки тәреплеме қатнасықлар сапа жағынан жаңа –стратегиялық шерикли ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилгени бизди жүдә қуўандырады. Қатнасықларымызды ҳәр тәреплеме беккемлеў ҳәм раўажландырыў ушын барлық ҳәрекет ҳәм имканиятларды қаратамыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ири қоспа инвестициялық ҳәм санаат жойбарларын баслаў бойынша салтанатлы мәресимде қатнасты.

Жойбарлар арасында Наўайы ўәлаятында комплексли ҳәм фосфорлы минерал төгинлерин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, Ташкент ўәлаятында логистика орайын қурыў, Қазақстанның Қостанай қаласында автомобильлер ҳәм Қарағанде ўәлаятында турмыслық техника ислеп шығарыўды айрықша атап өтиў мүмкин.

Президентлер жойбарларға старт берип, олар тек ғана өз-ара саўда көлемин арттырыўға хызмет етиўи емес, ал заманагөй өндирислик қуўатлықларды, ең әҳмийетлиси, мыңлап жаңа жумыс орынларын жарататуғына исеним билдирди.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаев уллы қазақ шайыры Абай Қунанбаевтың мийрасына бағышланған көргизбе шеңбериндеги экзпозиция менен де танысты.

Абай қазақ халқының әсирлик арзыў-әрманларын, әдиллик, адамгершилик ҳәм туўысқанлық идеяларын жырлаған. Оның төртлик шығармалары ҳәм теңсиз «Нәсиятлар» китабына жәмленген ҳикметли сөзлерин оқып, XIX әсир ақырларында қазақ далаларындағы турмыс ҳаққындағы анық көриниске ийе болыў мүмкин.

Мәмлекет басшылары Қазақстан музейлеринен келтирилген бийбаҳа экспонатлар, соның ишинде, Абай Қунанбаевтиң өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы тарийхый экспонатлар, фотосүўретлер, китаплар менен танысты.

Абайдың үш тарлы домбырасы, Қунанбайдың тақыясы, қолжазбалары, жазыўшы ҳәм оның шаңарағы сүўретленген фотосүўретлер тамашагөйлерде қызығыўшылық оятты.

Президентлер көргизбе менен танысып, мәмлекетлеримиздиң мәдений турмысындағы бул әҳмийетли илажды таярлаўға үлес қосқанларға миннетдаршылық билдирди. Бундай илажлар дослық байланысларымызды беккемлеўге хызмет етип, өзбек халқында туўысқан қазақ халқының тарийхына қызығыўшылықтың оғада жоқары екенлигинен дәрек беретуғыны атап өтилди.

Улыўма, жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер күн тәртибиниң кеңлиги ҳәм ерисилген келисимлердиң әҳмийети бойынша еки тәреплеме қатнасықларда жаңа бет ашқан тарийхый ўақыя болды.

Туўысқан Қазақстан жетекшисиниң мәмлекетлик сапары жуўмақланды. «Ташкент» халықаралық аэропортында уллы мәртебели мийманды Президентимиз Шавкат Мирзиёев шығарып салды.


Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары