Жынаят ислер бойынша Нөкис қалалық судында болып өткен гезектеги суд мәжилисинде республикамызда алып барылған қурылыс жумысларында талан-таражлыққа жол қойған мәкеме баслығы, бас инженери ҳәм хызметкери, жумысты бөлип алып ислеўши бир қатар мәкеме басшыларынан ибарат 19 адамның жынаят иси көрип шығылды.

Атап айтқанда, М.А. қурылыс компаниясы филиалының баслығы лаўазымында ислеп жүрип, бурынғы бас инженер А.А., техникалық қадағалыўшы А.Е. ҳәм басқа бир жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде мастер болып ислеўши К.К. өз-ара тил бириктирип, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-ноябрьдеги «Аўыллық жерлерде ҳәм пуқаралардың айырым тайпалары ушын арзан турақ жайды қурыўды кеңейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик буйыртпа ҳаққында»ғы Нызамының 39-статьясы талапларына қайшы рәўиште, конкурс саўдаларына қойылған 2 объектте қурылыс жумысларын алып барыўшы субъектлерди таңлаў бойынша нызам талабы тийкарында конкурс өткерместен, мәплердиң қарсылығына жол қойып, өзи тәрепинен шөлкемлестирилген ҳәм басқарып киятырған жуўапкершилиги шекленген жәмийетти жеңимпаз деп таўып, сәнеси көрсетилмеген қәлбеки конкурс протоколын дүздирип, директор сыпатында  тастыйықлап берген. Нәтийжеде Нөкис қаласында абаданластырыў ҳәм автостоянка қурылысын әмелге асырыў бойынша улыўма баҳасы 355 миллион 600 мың сумлық бөлип алып ислеў шәртнамасы дүзилгенинен пайдаланып, объектте алып барылған қурылыс жумыслар даўамында жәми 29,8 миллион сумлық қурылыс ҳәм оңлаў жумысларының  орынланбағанын биле тура төлеўге усыныў ҳаққында есабат дүздирген ҳәм бюджет қаржыларын талан-тараж еткен.

Буннан басқа директор өз лаўазымынан пайдаланып, бас инженер ҳәм басқа бир қатар қәнигелер менен биргеликте Президентимиздиң 2019-жыл 28-ноябрьдеги «Ипотека кредити механизмлерин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Әмиўдәрья районы «Гүлзар» массивиндеги көп қабатлы турақ жайлар ушын жергиликли ақаба суў қурылмаларының қурылысы бойынша филиал ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийети арасында улыўма баҳасы 518 миллион 323 мың сумлық бөлип алып ислеў шәртнамасы дүзилген. Шәртнамада бул  қурылыс жумысларының 150 күнде жуўмақланыўы нәзерде тутылған болса да, реже бойынша қурылыс жумыслары ақырына жеткерилмегенлигин биле тура, лаўазымынан пайдаланып, бөлип алып ислеўши тәрепинен усынылған рәсмий ҳүжжет есапланған 2021-жыл 14-июльдағы 287 миллион 842 мың сумлық 2-санлы есап-фактурасына жәми 235 миллион 223 мың 921 сумлық орынланбаған қурылыс жумысларын қосып жаздырылған. Нәтийжеде қәлбеки ҳүжжетлер арқалы әдеўир муғдардағы бюджет қаржыларын талан тараж етилиўине жол қойған.

Соның менен бирге Бозатаў районындағы «Бозатаў» массивиндеги көп қабатлы турақ жайлар ушын жергиликли ақаба суў қурылмалары бойынша, Тақыятас районындағы «Орайлық» массивиндеги көп қабатлы турақ жайлар қурылысы ҳәм усы турақ жайлар ушын жергиликли ақаба суў қурылмалары бойынша, Нөкис районындағы «Ақманғыт» массивиндеги көп қабатлы турақ жайлар ушын жергиликли ақаба суў тазалаў қурылмалары бойынша,  Қараөзек районындағы «Есим» массивиндеги көп қабатлы  турақ жайлар ушын жергиликли ақаба суў қурылмалары бойынша, Қоңырат районындағы «Қаңлы» массивиндеги көп қабатлы турақ жайлар ушын жергиликли ақаба суў тазалаў қурылмалары бойынша, Кегейли районындағы «Жүзимбағ» массивиндеги көп қабатлы турақ жайлар ушын жергиликли ақаба суў тазалаў қурылмалары бойынша, Қараөзек районындағы «Есим» массивиндеги 4 қабатлы  24 ханалы турақ жай қурылысы бойынша жумыслар белгиленген мүддетинде питкерилмеген болса да, исленбеген қурылыс-монтаж жумыслары қосып жаздырылып, бюджет қаржыларының талан-тараж болыўына жол қойылған.

Буннан тысқары, қурылыс компаниясы филиалының баслығы бас бөлип алып ислеўши жуўапкершилиги шекленген жәмийетлердиң бирине аўыллық жерлерде үлгили жойбар тийкарында турақ жай қурылысы бойынша 2020-жылдың 31-декабрине қайтарып бериў шәрти менен 1 миллиард сум финанслық жәрдем бериў бойынша шәртнама дүзилип, соннан жәмийет есабына 622 миллион 200 мың сум өткерилип берилген болса да, усы күнге шекем қайтарыў илажы көрилмеген. Соның менен бирге, филиал баслығы қоймахана меңгериўшиси менен тил бириктирген ҳалда халыққа қурылып атырған арзан турақ жайлар ушын алып келинип, қоймаханаға кирис қылынған көп муғдардағы қурылыс материалларының талан-тараж етиўине жол қойған. Филиал ҳәм оның 20 хожалық жүргизиўши субъектке қаржылай жәрдем бериў ҳаққындағы шәртнама талабы орынланбастан, қаржылардың қайтарылыў илажларын көрместен, жәми 7 миллиард 856 миллион 710 мың сум көп муғдарындағы зыян жеткерилиўине жол қойылған.

Мәжилис барысында филиалдың бурынғы бас инженери, техникалық қадағалаўшысы, иске қатнасы болған  бир қатар жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери баслықларының қурылыс жумыслары ушын ажыратылған бюджет қаржыларын талан-тараж етиў, исленбеген қурылыс-монтажлаў жумысларын қосып жазыў, басқа да жынаятлы ислери атап өтилди.

Суд мәжилисинде филиал баслығы Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен айыплы деп табылып, 3 жыл мүддетке мәмлекетлик кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде шөлкемлестириў-басқарыў ҳәм ҳәкимшилик-хожалық ўәкилликлери берилген лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырылып,  6 жыл 2 ай мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды. Сондай-ақ, жынаят исиниң басқа қатнасыўшылары да тийисли жазаларын алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги