Хожели районындағы Байтерек мәкан пуқаралар жыйынында усы аймақ пуқараларының қатнасыўында ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда мәкан пуқаралар жыйыны баслығы О.Таджимуратов, ЖИБ Хожели районы судының баслығы И.Алланиязов, аймақ профилактика инспекторы С.Сарсенбаевлар тәрепинен соңғы ўақытларда исленген ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилип, олардың алдын алыў, пуқараларымызды нызамларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ ушырасыўда кирип киятырған жаңа жыл алдынан айырым жасларымыз, пуқараларымыз пиротехникалық буйымлардың нызамсыз айланысы менен шуғылланып атырғанлығы, нәтийжеде, көплеген балалар, жаслар майып болып атырғанлығы екенлиги атап өтилди. Әлбетте, бул ашынарлы жағдай
– Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1851-статьясында пиротехникалық буйымлардың нызамсыз айланысы нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислеген 3 пуқараның қарсысына топланған материаллар көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды, ҳуқықбузарларға тийисли жазалар тайынланып, пиротехника буйымлар конфискацияланды,-дейди Жынаят ислери бойынша Хожели район судының баслығы И.Алланиязов.
Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 1851-статьясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислегени ушын нызамда бундай буйымларды конфискация етиў менен бирге, базалық есаплаў муғдарының 5 есесинен 20 есесине шекем жәрийма тайынлаўға себеп болады. Яғный, 1500000 сумнан 6000000 сумға шекем жәрийма салынады.
Келешегимиз болған перзентлеримизди бундай жаман иллетлерден қорғап, денсаўлығына жетиўи мүмкин болған жарақатлардан сақлаўымыз зәрүр.
Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги