Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы 9 ҳәм 28-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде 20-декабрь – Өзбекстан қаҳарманы Муса Ерниязовтың туўылған күни мүнәсибети менен «Белгили мәмлекетлик ғайраткер, Өзбекстан Қаҳарманы Муса Тажетдинович Ерниязов – жаслар қәлбинде» атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Илажда   мәмлекетлик ғайраткер, ел ағасы М.Ерниязовтың елимизди раўажландырыў, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў жолындағы хызметлери ҳаққында оқыўшыларға баянат оқылып, М.Ерниязовтың яды әўладлар қәлбинде мәңги жасайтуғыны атап өтилди.

Илажда белгили мәмлекетлик ғайраткер ҳәм бир неше жыллар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы болып ислеген Өзбекстан Қаҳарманы Муса Ерниязовтың келешек әўладқа өрнек болатуғын өмир ҳәм мийнет жолына бағышланған фильм қойып берилди. Усы мектеплердиң оқыўшылары арасында Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў бөлими тәрепинен «Муса Ерниязовтың өмир жолы» атамасында шығарма жазыў бойынша таңлаў өткерилди.

-Муса Тажетдинович Ерниязов ҳәзир арамызда болғанда 75 жасын қарсы алған болар еди, -дейди 9-санлы мектептиң директоры С.Есимбетова. – Усы мүнәсибет пенен ел ағасының өмир жолы ҳәм халқымыз ийгилиги ушын еткен  мийнетлери сәўлеленген шығармалар таңлаўы болып өтти. Таңлаўда биринши орынды мектебимиздиң 10-класс оқыўшысы Г.Дәўлетбаева, екинши орынды 8-класс оқыўшысы С.Султанбаева, үшинши орынды 11-класс оқыўшысы А.Тәжимуратова жеңип алды. Таңлаў соңында оқыўшыларға Өзбекстанға хызмет көрсеткен артист М.Утемуратовтың «Кетип баратыр» қосығы қойып берилди. Мектебимиз оқыўшыларының ата-бабаларындай келешеги уллы, Ўатанына мүнәсип перзентлер болып жетисетуғынына үмит билдиремиз.

Илаж соңында мектеплердиң оқыўшылары тәрепинен ғәрезсиз елимизди жырлайтуғын тақмақлар ҳәм кеўиллерге йош бағышлайтуғын қосықлар жаңлады. Таңлаўда белсене қатнасқан оқыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип хошаметленди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги