Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжат жоллап, жәмийетимиздиң ҳәр бир әҳмийетли тараўларына байланыслы усы ўақытқа шекем ерисилген жетискенликлер ҳәм буннан былай шешилиўи лазым болған машқала ҳәм кемшиликлерди айтып өтти.
Мүрәжатта Президентимиз Шавкат Мирзиёев кирип киятырған 2023 жылды “Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы” деп белгилеўди усынды. Бул әлбетте, ең дәслеп елимизде алып барылып атырған сиясаттың орайында инсан ҳәм оның мәплериниң тамийинлениўи баслы ўазыйпа етип белгиленгенлиги менен байланыслы. Бул сиясат бир жыл менен шекленип қалмаўы, ҳәрқашан даўамлы болыўы баршемизге түсиникли.
«Билимлендириўдиң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстанның раўажланыўының бирден бир дурыс жолы». Билимлендириў тараўындағи реформалардың даўам еттирилиўи, оқыў орынларына барып, устазлар ҳәм тәрбияшылар менен көбирек байланысып, оқыў-тәрбия жумысларының сапасын арттырыў бойынша олар қойған мәселелердиң биргеликте шешилиўин айырықша атап өтти.
Президент өз сөйлеўин даўам етер екен, келеси жылдың Мәмлекетлик бағдарламасына халық көтерген барлық мәселелер анық шешимлери менен киргизилиўи, усы процесслерде депутат ҳәм сенаторлар, мәҳәлле ўәкиллери, зыялылар, жаслар, исбилерменлер ҳәм кең жәмийетшилигимизден белсене болыўын, жаңадан жаңа усыныс ҳәм баслаламаларды билдириўин сорады.
Президентимиз Жаңа Өзбекстанды “социаллық мәмлекет” принципи тийкарында қурыўды мақсетимиз сыпатында белгилеўимизди, буни болса Конституциямызда беккемлеўимиз керек екенлигине тоқтады. Сонлықтан, биринши гезекте, итибардың Жаңа Өзбекстан ушын инвестиция болған билимлендириўди қоллап қуўатлаўға қаратылыўын айтып өтти.
“Мәдет – билимлендириўде, мәдет – тәрбияда, мәдет – билимде. Себеби, барлық ийгиликли мақсетлерге билим ҳәм тәрбия себепли ерисиледи. ”. Ағартыўшы жадид бабаларымыздың бул сөзлери депутат ҳәм сенаторларымыз, сиясий партиялар, жергиликли кеңеслер, кең жәмийетшиликтиң әмелий ҳәрекетине айланыўы керек. Сонлықтан, мектеплерде билимлендириўдиң сапасы ҳәмде жәмийетте муғаллимшилик кәсибиниң абырайын арттырыў, муғаллимлердиң шараятларын жақсылаў 2023-жылдағы ўазыйпаларымыздың бири болады. Муғаллимлердиң статусын, олардың ар-намысы менен қәдир-қымбатын қорғаўды Конституцияда өз алдына белгилеў керек, деп есаплайман – деди Президентимиз.
Халық билимлендириўине байланыслы Президентимиз төмендегилерди айтып өтти:
Келеси жылдан баслаўыш класларда улыўма жаңа методика тийкарында жаратылған сабақлықлар бойынша оқытыў жолға қойылады. Ҳәзирги ўақытта олар халықаралық экспертизадан өтип, өзимизде сынаўдан өткерилмекте. Бирақ жоқары класларда не? Ашық айтыў керек, оларда берилип атырған билим ҳәм тәрбияның сапасы, оқытыўшылардын билими ҳәм шеберлигин талап дәрежесинде , деп болмайды.
Балаларымыз мектептен ана тили ҳәм шет тилин пуқта өзлестирип, компютерде ислеўди үйренип шыгыўы керек. Перзентлеримизди кәсип-өнерге, көркем өнер ҳәм мәдениятқа қызықтырыўымыз керек.
Оқыўшыларда еркин ҳәм креатив пикирлеўди, топарда ислеў ҳәм байланыс көнликпелерин раўажландырыў керек. Президент мектеплеринде 130 мәмлекетте тастыйықланған “А-level” билимлендириў бағдарламасы жолға қойылғаны өзиниң нәтийжесин берип атыр. Бул процессте ҳәр бир оқыўшы өзиниң қәбилетине қарап, анық бағдарлар бойынша терең оқытылады, дүняның абырайлы оқыў орынларына кириў имканиятлары кеңейеди. Сол себептен, 2023-жылдан баслап мектеп билимлендириўин халықаралық билимлендириў бағдарламалары тийкарында пүткиллей реформалаўды баслаймыз. Бул жумысларды системалы жолға қойыў, жаңа сабақлықларды ислеп шыгыў, жетилискен билимлендириў стандартларын енгизиў ушын өз алдына илимий-изертлеў институты ҳәм лабораториялар шөлкемлестириледи. Миллий өзлигимиздиң тымсалы,мәнаўиятымиздын тийкары болған ана тилимизге итибар жәнеде күшейтиледи.
Келеси жылы 70 таза мектеп қурылады, 460 мектеп кеңейтиледи. Жеке инвестициялар қатнасыўында 100 мектеп қурыў жойбарлары басланады, келеси бес жылда олардың санын бес мыңға жеткеремиз.
Жыл басында Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде 285 мың баслаўыш класс оқыўшылари ушын бийпул аўқатланыў жолға қойылды. Бул бойынша жеткиликли тәжирийбе топладық. Келеси оқыў жылынан баслап усы әмелият қалган ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының мектеплеринде де енгизиледи ҳәм буның ушын 2,3 триллион сўм ажыратылады. Бул процесслерди әдил сисема тийкарында шөлкемлестириў, перзентлеримизди саламат ҳәм сапалы аўқат пенен тамийинлеўге Халық билимлендириў министри жуўаплы ҳәм жуўапкер болады.
Президентимиз кәсиплик бнилимлендириў системасы ҳаққында төмендегилерди айтып өтти:
Билимлендириў тараўындағы гезектеги әҳмийетли бағдар, бул – жаслардың заманагөй кәсип-өнер ийелеўи ушын барлық зәрүр шараятларды жаратыўдан ибарат. Мектеп оқыўшыларының 50 проценти мийнет базарына ҳешқандай кәсип маманлыгына ийе болмастан кирип киятырғаны ҳәммемизди ойландырыўы керек. Сол себептен, 700 ден артық кәсип-өнер мектеби, колледж ҳәм техникумлардың имканиятларынан нәтийжели пайдаланыўымыз керек. Бул мақсетте 2023 жылдан баслап жаңа программа әмелге асырылады. Ҳәр бир ўалаятта бир техникумда Европа кәсиплик билимлендириў стандартлары енгизиледи. Келеси бес жылда барлық колледж ҳәм техникумлар усы система менен қамтып алынады.
Сонын менен бирге, талантлы жасларды қоллап-қуўатлаўды кеңейтемиз. Химия санааты, электр техникасы, транспорт ҳәм энергетика тараўларында атақлы халық аралық шөлкемлер менен бирге, өз алдына Инженерлик мектеплери шөлкемлестириледи. Бул система бизде ҳәзирге шекем болмаған. Қысқа етип қайтқанда, жаңа заман инженерлерин таярлаў системасын жаратамыз.
Президентимиз жоқары билимлендириў системасы ҳаққында да тоқтап өтип, төмендегилерди айтып өтти:
Соңғы жылларда жоқары оқыў орынларымыз 2,5 есеге көбейип, 198 ге жетти., қамтып алиў дәрежеси 9 проценттен 38 процентке артты. Биз бул санларды жәнеде көбейтиўди мақсет еркенбиз. Бирақ, билимлендириўдиң сапасы не боладым деген сораў ҳәммемизди ойландырыўы керек. Ең дәслеп, буған ҳәр бир жоқары өқыў орны өзи ҳәрекет етиўи лазым, сонда нәтйже болады.
Бул бойынша 41 жоқары оқыў орнына академиялық ҳәм финанслық еркинлик берилди. Жоқары оқыў орны ректорлары, профессор ҳәм оқытйыўшылар бул процесслерде белсенди болыўы, жаңа, алдыңғы методикаларды енгизиўи керек.
Келеси жылда жоқары оқыў орнының студентлери ушын жеңилликли билимлендириў кредитлерине ресурслар 2 есе көбейтилип, 1,7 триллион сўм ажыратылады.
Бул жылы илим ҳәм инновацияларға 1,5 триллион сўм бағдарланды. Бул 2017 жылға салыстырғанда 6 есе көп, дегени.
Илимий хызметкерлердиң ис ҳақысы да 4,5 есеге артты.
Булардын ҳәммесиниң есабынан нано ҳәм биотехнологиялар, цифрлы геология сыяқлы 18 жаңа илимий бағдар шөлкемлестирилди.
Келеси жылы илим ҳәм инновацияларға 1,8 триллион сўм ажыратылады.
Енди илимпазларымыз суў ҳәм энергияни тежеў, топирақтың өнимдарлығы ҳәм ҳасылдарлығы, геология, санаат, қурылыс сыяқлы бүгинги күнде биз ушын актуал бағдарларда аниқ нәтийжелерди көрсетиўи керек.
Президентимиз Мүражатқа жуўмақ жасайды екен, онда айтылған ўазыйпаларды дүньядағы ҳәзирги қурамалы шараятта әмелге асырыў аңсат болмаўын айтып өтти.
«Бирақ биз өткен дәўирде үлкен билим ҳәм тәжирийбе топладық. Ең әҳмийетлиси, өз күш ҳәм имканиятларымызға болған исенимимиз барған сайын артып бармақта. Сол себептен, қаншелли қаншелли қийын болмасын, таңлаған жолымыздан ҳесқашан артқа қайтпаймыз. Гөзлеген шеклеримизге әлбетте жетемиз. Бул жылда нийети уллы, кеўли пәк, мийнеткеш халқымызға таянамыз. Бир тән бир жан болып ҳәрекет етсек, мен исенемен, ел-журтымыз умтылып атырған Жаңа Өзбекстанды әлбетте бәршемиз биргеликте қурамыз”,- деди мәмлекетимиз басшысы.
Жуўмақлап айтқанда, Мүражатта көрсетилген бағдарлар, елимиздиң раўажланыўының бирден бир жалғыз жолы билимлендириўге болған талаптың қанаатландырылыўына арналған көплеген реформаларды өз ишине алады. Бундай реформалар халықтың турмысын жақсылаўға, мәлекетимиздиң экономикасын көтериўге шараятларды жаратып береди. Билимлендириў тараўының барлық буўынларында бундай кең көлемли реформаларды ислеў бәршемизден үлкен күш-ғайратты талап етеди. Сондай екен, ҳәр бир елимиздиң пуқарасы өз мийнетин жумсаса келешекте жасларымыздан дүняға белгили алымлар жетилип шығыўы сөзсиз.
Марат Тагаев,
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Физика кафедрасының баслығы, Қарақалпақстан
Республикасына мийнети сиңген илим
ғайраткери, техника илимлери докторы профессор.
Қарақалпақстан хабар агентлиги