Усы жылдың 21-декабрь күни Мойнақ районында Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасыныӊ басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги ҳәм Мойнақ районыныӊ ҳәкимлиги тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген “Karakalpakstan Tourism Forum” форумы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Туризм ҳәм мәдений мийрас министри Р.Зарикеев, Мойнақ районының ҳәкими Б.Менглибеков, Туризм тараўында халықаралық жойбарлар бойынша эксперт Н. Шаббозова, “Ayim Tour” туристлик кәрханасыныӊ директоры А.Таубалдиева лар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында республикамызда, соның ишинде Мойнақ районында туризмди раўажландырыў, сырт елли мийманларды үлкемизге тартыў, оларға қолайлы шараят жаратыў ҳәм сапалы хызмет көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамызда елимизге келиўши туристлерге сапалы хызмет көрсетиў, хызметлер дәрежесин буннан былай да арттырыў мақсетинде бир қатар жергиликли ҳәм халық аралық шөлкемлер менен биргеликте жумыслар алып барылмақта. Әмелге асырылып атырған мине усындай илажлар өз гезегинде туристлик хызмет көрсетиў индустриясын раўажландырыў, елимизге келген туристлер ағымыныӊ санын асырыўда әҳмийетли орынға ийе.
Қарақалпақстан Республикасында 2022-жыл даўамында туризм ҳәм хызмет кѳрсетиў тараўларында бүгинги күнге келип жәми 133 миллиард сўмлық 72 жойбар әмелге асырылды ҳәм нәтийжеде 950дан аслам жумыс орны жаратылды. Усы жылдың январь-ноябрь айлары даўамында қала ҳәм районларда 6 шаңарақлық мийман үйи ҳәм 4 хостел шѳлкемлестирилип, олардың саны 61ге жетти.
Усы жылдың 30 ноябрь – 2 декабрь күнлери Ташкент қаласында ѳткерилген «Жипек жолында туризм» Ташкент халқаралық туристик ярмаркасында Қарақалпақстан Республикасы туристлик стенди менен қатнасып, онда 4 миллиард 800 миллион сўмлық шәртнама дүзилиўине ерисилди.
Глобал пандемияға қарамастан, 2021-жыл даўамында Қарақалпақстанға 284 мыӊ жергиликли ҳәм 25 мыӊға шамалас шет елли турист келген болса, 2022-жыл даўамында 600 мыӊнан аслам жергиликли ҳәм 50 мыӊнан аслам шет елли турист келди. Мийманларға хызмет көрсетиўде туризм инфраструктурасы да өз алдына әҳмийетке ийе болып, бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 50 туристлик кәрхана, 91 жайластырыў орны, соныӊ ишинде 30 мийманхана, 41 мийман үйи ҳәм 20 хостел өз жумысын алып бармақта. Буннан тысқары 11 микроавтобус, 46 жол таӊламас автотранспорт, 14 квадроцикл ҳәм 15 гид-экскурсовод хызмет көрсетип келмекте.
Соңғы жылларда көп санлы туристлер ағымын тартыў мақсетинде Мойнақта бир қатар мәдений ҳәм кеўилашар илажлар шөлкемлестирилип атыр. Атап айтқанда 2022-жыл даўамында республикамызда өткерилетуғын мәдений-кеўилашар ҳәм ғалабалық спорт илажларының календарь жобасы ислеп шығылған болып, онда Мойнақ районында “NavrUz” этнофестивали, миллий ат спорты фестивали, “СТИХИЯ” халықаралық электрон музыка фестивали, Үстирт тегислиги бойлап “Rally Muynak” экстремал жарыслары, “Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи” халықаралық экофестивалы, “Арал балықларынан 99 түрли тағам” гастрономиялық фестивалы шөлкемлестирилди. Бул илажлар үлкемизге көп санлы мийманларды тартыў менен бирге, Арал экологиялық апатшылығына дүнья итибарын қаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болды.
Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасының қала ҳәм районларының туризм имканиятларын таныстырыў мәресими, республикамызда туризм тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлериниң көргизбелери, тараўдағы соңғы жаңалықлар, ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды шешиў бойынша сәўбет ҳәм ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, туризм тараўына заманагөй технологияларды еӊгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасыныӊ басламасы ҳәм жәрдеминде ислеп шығылған “Welcome to Muynak” интерактив туристлик картасы ҳәм www.yurtashop.uz онлайн сувенир дүканы презентациясы болып өтти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги