Усы жыл 20-декабрьде мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына мүрәжатында мәмлекетимиз миллий раўажланыўдың жаңа дәўирине исенимли қәдем қойып атырғаны, турмысымыздың барлық тараўларында үлкен өзгерислер жүз берип атырғанын атап өтти.
Бүгинги заман тез пәт пенен раўажланып баратырған дәўирде халқымыздың белсендилик пенен мийнет етип атырғанлығы ҳәм өткен дәўир ишинде ҳәр бир тараўда әмелге асырылған жумыслар анық мысаллар менен атап өтилди. Атап айтқанда, жалпы ишки өним көлеми дәслепки рет 80 миллиард доллардан асқаны, быйылғы жылы тарийхымызда биринши рет пенсия және социаллық напақалардың муғдары минимал тутыныў қәрежетлеринен кем болмаған дәрежеге алып шығылғаны, соңғы алты жылда мәмлекетимиз бойынша дерлик 300 мың ямаса алдынғы жылларға салыстырғанда 10 есе көп турақ-жайлар қурылғаны буның айқын мысалы болып табылады. Сондай-ақ Президентимиз “Ҳақ нийетли ата ҳәм аналарымыз шаңарақ шеңберинде, Ҳаж ҳәм киши ҳаж зыяраты сапарларында шүкиршилик дуўаларын қылып атырғаны, бизге күш ҳәм ғайрат бағышлайды”, – деп айрықша атап өтти. Әлбетте бул ерисилген нәтийжелер ақырғысы емес.
Жәмийетимиз шаңарақтан басланар екен, шаңарақ ағзаларының ҳәр бириниң саламатлығы әҳмийетли болып табылады. Президентимиз бул темаға айрықша тоқталып өтти. Халқымызды жоқары, сапалы медициналық хызметлерден пайдаланыў мүмкиншиликлерин буннан былай да кеңейтиў ҳәм “Туўры аўқатланыў ҳәм саламат турмыс тәризи” жаңа улыўма миллий ҳәрекетиниң алға қойылыўы, аналар ҳәм балалар саламатлығын қорғаў бойынша үш жыллық бағдарлама әмелге асырылыўы бул халқымызға, әсиресе ҳаял-қызларға қаратылған итибар болып есапланады. Себеби қашан ана ҳәм перзентлеримиз саў-саламат болса, жәмийетимиз де, ертеңги келешегимиз де беккем болады ҳәм раўажланады.
Жаңа 2023-жыл «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы»нда күтилип атырған реформалар өз нәтийжесин бериўине исенемиз ҳәм Президентимиз басламасын биз ҳәр дайым қоллап-қуўатлаймыз.
Марям АХМЕДОВА ,
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги