Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған мүрәжаты барлық тараўларда басланған реформаларды әмелге асырыў механизмлерин белгилеп бермекте.
Атап айтқанда, Президентимиздиң усы жыл 28-январьдағы пәрманы менен тастыйықланған «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы»нда мәмлекетлик басқарыў уйымлары жумысларын «пуқараларға хызмет етиўге бағдарлаў» принципи тийкарында трансформация етиў, ықшам, профессионал, әдил, жоқары нәтийжеликке хызмет ететуғын мәмлекетлик басқарыў системасын енгизиў, мәмлекетлик пуқаралық хызмет системасын заманагөй стандартлар тийкарында шөлкемлестириў бойынша баслы ўазыйпалар белгиленген еди.
Президентимиздиң усы жылы 20-декабрь күнги Мүрәжатында ықшам ҳәм нәтийжели мәмлекетлик басқарыў системасына өтиўди усыныс етти ҳәм бул бағдарда әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша атап өтти.
Мүрәжатта ҳәкимшилик реформалардың биринши басқышында министрликлер реформа етилетуғынлығы, министрлик ҳәм шөлкемлердиң саны 61 ден 28 ге қысқаратуғынлығы, екинши басқышта кейинги жылда аймақларда басқарыў системасы да реформаланатуғынлығы белгиленди.
2022-жыл 8-август күни мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде мийнет етип атырған мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлердиң ҳуқықый статусын белгилеўши ҳәм олардың жумысын бирден-бир қағыйдалар тийкарында тәртипке салыўшы “Мәмлекетлик пуқаралық хызмет ҳаққында”ғы Нызам қабыл етилди.Онда мәмлекетлик пуқаралық хызметке жумысқа кириў, жумыс ислеў тәртиби, хызметкерлердиң ҳуқық ҳәм миннетлери, оларды ҳуқықый ҳәм социаллық тәрептен қорғаў сыяқлы барлық қатнасықлар тәртипке салынды.
Президент Мүрәжатында және бир мәрте буннан кейин мәмлекетлик лаўазымларға жумысқа тек ғана таңлаў тийкарында қабыл етилетуғынлығы, барлық басшылардың жумыслары нәтийжелик көрсеткишлери тийкарында баҳалап барылатуғынлығы билдирилди.
Усы орында атап өтиўимиз керек, елимизде мәмлекетлик пуқаралық хызмети лаўазымларына ашық таңлаўлар өткерип келинбекте.
Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги тәрепинен ислеп шығылған vacancy.argos.uz порталының иске түсирилиўи ҳәр бир пуқараға вакант лаўазымлар реал ўақыт режиминде танысып барыў, вакант лаўазымларға арзасын инсан факторысыз электрон тәризде жибериў, таңлаў басқышлары, арза ҳалаты бойынша белгиленген мүддетлерде жеке кабинети арқалы хабардар болыў имканиятына ийе болды. Бул өз гезегинде бюрократия, коррупция, әўерегершиликлердиң алдын алмақта ҳәмде мәмлекетлик хызметке алдынғыдай таныс-билислер емес, ал билимли, өз үстинде ислейтуғын кадрлардың жумысқа қабыл етилиўине хызмет етпекте.
2022-жылдың 16-декабрь күни ҳалатына vacancy.argos.uz порталына интеграция етилген Қарақалпақстан Республикасындағы 45 министрлик ҳәм шөлкемлердеги, сондай-ақ 17 ҳәкимликтеги 4160 вакант лаўазым ушын 53 мыңнан аслам талабан (бир вакант орынға орташа 13-15 талабаннан туўра келмекте ) өз ҳүжжетлерин тапсырды.
Таңлаў жуўмақланған лаўазымларға 2120 талабан жумысқа қабыл етилди.
Жумысқа қабыл етилген 1313 хызметкер социаллық тараўда, 465 экономикалық тараўда, 244 аўыл хожалығы тараўында, 48 қурылыс тараўында, 50 қала ҳәм район ҳәкимликлеринде жумыс алып бармақта.
Мәмлекетлик хызметкердиң билим ҳәм тәжрийбесин арттырыў, олардың жумысларын KPI системасы арқалы баҳалаў, басшы кадрлар мәселесине де айрықша итибар қаратылды.Атап айтқанда, ҳәр жылы 500 қәниге ең абырайлы сырт ел оқыў орынлары ҳәм орайларда оқытылады. Кейинги еки жылда ҳәр бир қала ҳәм район ҳәкимлигине республикалық уйымларда жоқары лаўазымда ислеген, тәжирийбели, билимли кадрлар қойылады.
Мәмлекетлик хызметтиң турақлылығы, исенимлилиги ҳәм ашық-айдынлығы тек ғана онда ислеп атырған хызметкердиң кәсиплик таярлығына емес, ал оның инсаныйлық пазыйлетлерине, этикасына да тиккелей байланыслы. Себеби пуқаралар мәмлекет хызметкери арқалы мәмлекетти көреди, реформаларға исеними оянады ҳәмде сол уйымға бир хызметкер арқалы баҳа береди.
Сонлықтан да, ҳәр бир мәмлекетлик хызметкер өзиниң кәсиплик компетенциясын турақлы арттырып барыўы, өзиниң хадал мийнети, әпиўайылығы, Ўатан сүйгишлиги ҳәм пидайылығы менен адамлардың меҳирине ерисиўи керек.
Сайлаўбай ДАНИЯРОВ,
Мәмлекетлик хызметин раўажландырыў агентлиги
Қарақалпақстан Республикасы филиалының баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги