Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Шымбай районы бөлими тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында, “A.S.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы саўда дүканының сатыўшысы Р.А. 180 дана “Қаратаў” қәлбеки акциз маркалы алкоголь өнимин 4,2 миллион сумға сатқан ўақтында усланды.
Усы дүканнан және 52 дана алкоголь өними айғақлы дәлил сыпатында алынды. Сондай-ақ, Р.А.ның көрсетиўи тийкарында даўам еткен илажда пуқара Е.Б. қәлбеки акциз маркалы 120 дана “Қаратаў” алкоголь өнимин 2,1 миллион сумға сатқан ўақтында усланып, оның басқарыўындағы жүк автотранспорт қуралынан және 240 дана алкоголь өними айғақлы дәлил сыпатында алынды.
Е.Б.ның көрсетпесине тийкарланып даўам еткен усындай илажда болса, пуқара Т.Н. 240 дана қәлбеки акциз маркалы алкоголь өнимин 3,1 миллион сумға сатқан ўақтында усланды. Оның үйинде шөлкемлестирилген жасырын цехтан жасалма алкоголь ислеп шығарыўда пайдаланылған жәми 4 мың 100 дана қақпақ ҳәм басқа товар материаллық байлықлар айғақлы дәлил сыпатында алынды.
Бул жағдайлар бойынша Жынаят кодексининг 176-статьясы (қәлбеки пул, акциз маркасы ямаса баҳалы қағазлар жасаў, оларды өткериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги