Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усы жылдың 20-декабрь күни Олий Мажлиске ҳәм республикамыз халқына Мүрәжаты ҳақыйқый мәнидеги Жаңа Өзбекстанның келеси жылдағы раўажланыў перспективаларын өз ишине қамтыған бағдарлама болды десем қәтелеспеген боламан.
Улыўма алты бағдардан ибарат болған Мүрәжатта соңғы жылларда мәмлекетимизде инсан қәдири, оның мәплери ҳәмме нәрседен жоқары туратуғынлығы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпалардан бири етип белгиленгенлиги және бир мәрте беккемлеп берилди.
Президент Жаңа Өзбекстанды «социаллық мәмлекет» принципи тийкарында қурыў баслы мақсет етип қойылғанлығын, соның ишинде, инсан потенциалын жүзеге шығарыў ушын халқымызға теңдей имканиятлар, мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў мақсетинде биринши гезектеги итибар билимлендириўди қоллап-қуўатлаўға қаратылатуғынлығын атап өтти. Бүгинги күнде ең үлкен инвестиция сыпатында қаралып атырған билимлендириўдиң сапасын арттырыў – Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың бирден-бир дурыс жолы болатуғынлығына айрықша тоқталып, келеси 2023-жылға «Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы» деп атама бериўди усыныс етти.
Ҳақыйқатында да, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда тәлим-тәрбияға, соның ишинде, мектепке шекемги билимлендириў, улыўма билим бериў, жоқары ҳәм орта арнаўлы кәсиплик билимлендириўди буннан былай да раўажландырыўға айрықша дыққат қаратылмақта.
Өзиниң 90 жылға шамалас тарийхына, жоқары билим ҳәм көнликпелерге ийе педагоглар, сондай-ақ, халық хожалығының түрли тараўлары ушын маман кадрлар таярлаўда өз қәдириятларына, тек ғана Қарақалпақстан ямаса Өзбекстанда емес, соның менен бирге, пүткил Орайлық Азияда өз орнына ийе болған Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында да соңғы жылларда жас әўладларға тәлим-тәрбия бериў, илим сырларын меңгериўи ушын шараятлар жаратыў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта.
Әсиресе, билим бериўдиң сапасын арттырыў мақсетинде оқытыўдың жаңа педагогикалық технологияларын енгизиў, студентлердиң билимлерин беккемлеў ушын оқыў ҳәм әмелият процесиниң бирлигин тәмийинлеў, жаңа заманагөй лабораториялық үскенелерди алып келиў, профессор-оқытыўшылардың тәжирийбесин арттырыў, оқыў процесине абыройлы сырт ел жоқары оқыў орынлары, илимий орайларының профессорларын шақырыў сыяқлы үлгили жумыслар алып барылмақта.
Институтта мектепке шекемги билимлендириў ҳәм баслаўыш тәлим бағдарлары бойынша класстер усылында кадр таярлаўға айрықша дыққат аўдарылып, бул бойынша әмелий жумыслар баслап жиберилди.
Атап айтқанда, институттың Мектепке шекемги тәлим факультети жанынан 90 орынға мөлшерленген балалар бақшасының қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында турыпты. Бул жерде мектепке шекемги тәлим бағдарының студентлери, магистрант ҳәм докторантлары ҳәр қыйлы методикаларды қолланыў арқалы балаларда креатив ойлаў, жәмийетшилик пенен қарым-қатнас сыяқлы көнликпелерди пайда етиўге тийкар жаратылады. Соның менен бирге, факультетте мектепке шекемги билимлендириў тараўы бойынша қәнигелигин жетилистириў орайының жумысы да жолға қойылыўы белгиленген болып, бул арқалы республикамызда жумыс ислеп атырған балалар бақшаларындағы тәрбияшы-педагоглар және методистлердиң билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў тийкарғы мақсет етип қойылған.
Сондай-ақ, келеси жылларда институттың Баслаўыш тәлим факультети жанынан технологиялық бағдардағы мектеп ашыўды жобаластырып отырмыз. Бул мектеплердиң баслаўыш класслары ушын тайын кадр болып баратуғын қәнигелеримизге робототехника, технотроника сыяқлы заманагөй тараўлар бойынша жоқары билим ҳәм көнликлерге ийе болыўына хызмет етеди.
Президент Мүрәжатының ең әҳмийетли тәреплериниң бири сыпатында муғаллимлердиң жәмийеттеги статусын, абыройын, қәдир-қымбатын қорғаўды Конституцияда айрықша белгилеў зәрүрлиги ҳаққындағы усынысты атап өтиў керек. Өйткени, билимлендириўдиң сапасын арттырыўды алдымызға мақсет еткен екенбиз, бул жумыслар биринши гезекте әмелге асырылыўы зәрүр болған ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы елимиздеги барлық мектеп жәмәәтлерине мүрәжат етип, келешегимиз болған балаларымыздың мектеплерден шет тиллерин терең өзлестирген, кәсип-өнер ҳәм информациялық технологияларды пуқта меңгерген болып шығыўы ушын аянбай хызмет етиўге шақырып, бул жәмийетимиздиң раўажланыўына айрықша үлес қосатуғынлығын атап өтти.
Бул бағдарда институт ҳәм мектеплердиң өз ара бирге ислесиўи жоқары нәтийжелерге тийкар болады деп ойлайман. Президентимиздиң «Педагогикалық билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм педагог кадрлар таярлайтуғын жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысларын буннан былай да раўажландырыў илажлары» ҳаққындағы қарары тийкарында бүгинги күнде институтта Нөкис қаласындағы барлық мектеплер менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылды.
Атап айтқанда, қарарда белгиленген «4+2» системасы тийкарында студентлердиң оқыў ҳәм әмелият жумысларының бирлестирилиўи биз жоқарыда қайта-қайта тилге алып атырған билимлендириўдиң сапасын арттырыўға хызмет етпекте.
Мүрәжатта жоқары билимлендириў тараўын реформалаў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында да сөз болып, бул бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп берилди.
Әсиресе, соңғы жылларда республикамызда жоқары оқыў орынларының саны 2,5 есеге көбейип, жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси алдынғы 9 проценттен 38 процентке көтерилгенлиги тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси болып табылады. Жоқары билимлендириўде оқытыўдың сапасын арттырыў ҳәр бир жоқары оқыў орны жәмәәтиниң, профессор-оқытыўшыларының тийкарғы мақсети болыўы кереклиги атап өтилди.
Биз алдымызға жоқары шеклерди белгилеп алғанбыз. Солардың бири сыпатында инсан қәдири ҳәм мәплери жәмийет, сондай-ақ, мәмлекет мәплеринен жоқары болған Жаңа Өзбекстанды қурыў, Үшинши Ренессанстың тырнағын қалайтуғын билимли, илимий потенциалы жоқары, аналитикалық ҳәм креатив пикирлейтуғын жасларды тәрбиялаўдай мақсетлеримизге ерисиў ушын Президент Мүрәжатында белгилеп берилген ўазыйпаларды басқышпа-басқыш әмелге асырыў бизиң баслы ўазыйпамыз болып есапланады.
Байрамбай Отемуратов,
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры.