21-декабрь күни Ташкентте еки қоңсы мәмлекеттиң тийкарғы министрликлери, уйымлары, тармақ бирлеспелери, Саўда-санаат палаталары, холдинг компаниялары басшылары ҳәм исбилермен топарлардың 400 ден аслам ўәкиллериниң қатнасыўында бизнес-форум болып өтти.
Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Жамшид Ходжаев ҳәм Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – саўда ҳәм интеграция министри Серик Жумангарин шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеўдиң унамлы динамикасында исбилермен топарлардың белсене өз-ара бирге ислесиўи үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Қатнасыўшылардың итибары өз-ара товар алмасыўдың өсиў динамикасына қаратылды. Кейинги жыллары бул көрсеткиш еки есеге көбейип, 5 миллиард долларға шамаласты. Шекти 10 миллиард долларға жеткериў бойынша системалы илажлар көрилмекте, оның ушын жақын келешекте тийисли сыртқы саўда инфраструктурасы жаратылады. Инвестициялық бирге ислесиў ҳәм санаат кооперациясы тараўында да динамикалық өсиў бақланбақта. Кейинги 5 жыл ишинде мәмлекетимизде Қазақстан капиталы қатнасыўындағы кәрханалар саны 5 есеге көбейип, дерлик 1200 ди қурамақта.
Ҳәзирги ўақытта улыўма баҳасы 3 миллиард доллардан артық болған 30 дан артық биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта. Иске қосылмаған резерв ҳәм имканиятлардан кеңнен пайдаланыў тийкарында саўда-экономикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыў мақсетинде бир қатар бағдарларда тиккелей аймақлар аралық байланысларды кеңейтиў, еки мәмлекет аймағында Өзбекстан ҳәм Қазақстан ўәлаятларының санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркаларын өткериў, автомобиль қурылысы, электроника ҳәм электротехника, энергетика, фармацевтика, химия ҳәм тоқымашылық санааты, қурылыс материалларын ислеп шығарыў сыяқлы тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
– Халықаралық базарларға өнимлеримизди алып шығыў мақсетинде салыстырмалы үстинликлеримиз тийкарында жоқары технологиялы кәрханаларды шөлкемлестириў сондай-ақ, санаат кооперациясын раўажландырыў ҳәм жоқары қосымша қунға ийе өнимлер ислеп шығарыў бойынша ҳәрекетлеримизди бирлестириў үлкен әҳмийетке ийе,-деди Жамшид Ходжаев.
Атап айтқанда, өз-ара пайдалы биргеликтеги жойбарлар санын көбейтиў ушын еки мәмлекет те үлкен потенциалға ийе екени атап өтилди. Мәмлекетлеримизде оның ушын зәрүр болған санаат, технологиялық, мийнет ресурслары ҳәм тәбийғый байлықлар бар. Өз-ара келисип, биргеликте жумыс алып барылса, бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықса болады.
– Өзбекстан биз ушын Орайлық Азиядағы тийкарғы, исенимли ҳәм перспективалы шерик болып есапланады. Мәмлекетлер арасында күн сайын раўажланып баратырған саўда байланыслары дослық қатнасықларымыздың локомотивине айланды. Қазақстан Орайлық Азия регионында бирге ислесиўди раўажландырыўға үлкен әҳмийет береди. Форумның өткерилиўи регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм жәҳән базарында Орайлық Азия брендлерин жаратыў зәрүр екенлигиниң және бир дәлили, – деди Серик Жумангарин.
Форум даўамында министрлик, уйымлар, тармақ бирлеспелери ҳәм ўәлаят ҳәкимликлериниң басшылары, сондай-ақ, еки мәмлекет исбилермен топарларының ўәкиллери презентациялар өткерди. Оларда бирге ислесиў потенциалы ҳәр тәреплеме ашып берилди ҳәм әмелге асырыўға мөлшерленген таяр перспективалы жойбарлар усыныс етилди. Сондай-ақ, илаж даўамында болып өткен «Б2Б» ҳәм «Г2Б» сөйлесиўлери ўақтында өз-ара бирге ислесиўдиң финанслық-техникалық тәреплери ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўда мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлери додаланды.
Илажлар жуўмағында делегациялар басшылары Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де күшейтиў, беккем исбилерменлик байланысларын орнатыў, биргеликтеги жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыўда исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға садық екенлигин билдирди.
Форумның жуўмақлары бойынша Самарқанд ҳәм Түркстан қалалары арасында саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыў ҳаққында Келисим, аўыл хожалығы тараўына байланыслы инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларын өзинде жәмлеген өз алдына «Жол картасы», сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстан исбилермен топарлары арасындағы өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған улыўма баҳасы 3 миллиард доллардан артық болған келисимлерге қол қойылды.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы