Нөкис районында жаӊа жыл байрамын көтеринки руўхта күтип алыўға пуқта таярлықлар көрилмекте.

Атап айтатуғын болсақ, көше ҳәм қыябанлар, мәкеме ҳәм шөлкем имаратлары  байрам липасына бөленип, жаңа жыл символы есапланған шыршалар қурылмақта. Ал, районлық  мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен саз-сәўбетли, сахналастырылған концерт бағдарламалары таярланбақта.

Сондай-ақ, район халқының арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў ҳәм дастурханларын мийўе-жемислер тәмийинлеў мақсетинде, район  ҳәкимлиги, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў дипартаменти Нөкис районы бөлими тәрепинен «Ақмаӊғыт саўда компекси»нде арзанластырылған азық-аўқат ярмаркасы шөлкемлестирилмекте.

Бул ярмаркада тутыныўшылар өзлерине керекли болған сапалы азық-аўқатлық  өнимлерди арзан баҳада сатып алыўға имканияты жаратылған.





Адилбай Оразов,  

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы