Республикамызда бүгинги күнде 49 кәрханаға тийисли, жәми 101 ыссыхана бар. Олардың 49 гектарлық бөлеги гидропоникалық, 52 гектарлық бөлеги әпиўайы ыссыханалар болып есапланады.

– Ыссыханалардың халқымызды қысқы-бәҳәрги мәўсимде таза овощ өнимлери менен тәмийинлеўде әҳмийети үлкен болғанлығы себепли дийқаншылықтың усы бағдарына да үлкен итибар қаратылмақта,-дейди Бағшылық ҳәм ыссылық хожалығын раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими бас қәнигеси Дурысберген Ещанов.

Усы ыссыханалардың 9 гектарын көмир, 62 гектарын тәбийғый газ, 6,5 гектарын Тақыятас ЖЭС тармағы, 8 гектарын электр энергиясы арқалы ысытылатуғын, ал қалған 16 гектарын ысытылмайтуғын ыссыханалар қурайды. Быйыл усы ыссыханаларда 4,7 мың тонна овощ өнимлери жетистирилди.

Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта усы ыссыханалар тәрепинен қысқы-бәҳәрги мәўсим ушын жәми 64 гектар майданға овощ егинлери егилген. Соның 43 гектарын помидор, 12 гектарын қыяр, 9 гектарын басқа егинлер қурайды.

Егилген майданлардан алдымыздағы қысқы-бәҳәрги мәўсимде 5,2 мың тоннаға шамалас өним жетистирилиўи күтилмекте. Бүгинги күнде усы майданлардың 12 гектарынан өним жыйнаў жумыслары басланды.

Ысыханалардағы жумыслардың нәтийжели болыўына ерисиў мақсетинде бүгинги күнде бул ыссыханаларда 4 сырт елли ҳәм 26 жергиликли тәжирийбели агрономлар жумыс ислемекте.

Базарларымызды қысқы-бәҳәрги мәўсимде, таза овощ өнимлери менен тәмийинлеў ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги