Усы жылдың 14-17-декабрь күнлери Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында спорттың «өзбек жаўынгерлик өнери» түринен Азия чемпионаты болып өтип, онда Тахтакөпир районындағы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебимиз тәрбияланыўшылары мүнәсип түрде қатнасып қайтты.
Дүньяның он мәмлекетинен күшли спортшылар қатнасқан жарыста 58 кг салмақта Нийетбай Сейилханов биринши, 48 кг салмақта Жәнибек Сулайманов екинши, 30 кг салмақта Қасым Орынбасаров үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
Ал ересек жастағы спортшылар арасында өткерилген жарыста болса, усы спортшылардың тренери Улдәўлет Өтемисова барлық қарсыласларын жеңип шығып, Азия чемпионы болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы